Еки тәреплеме ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер көрип шығылды.
Россия Президенти 6-август күни Москва қаласында АҚШ Президентиниң арнаўлы ўәкили Стивен Уиткофф пенен өткерилген сөйлесиўлердиң тийкарғы нәтийжелери ҳаққында мәлим етти.
Жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстан-Россия кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиң әмелий тәреплери де додаланды.
Өз-ара товар алмасыў ҳәм инвестиция көрсеткишлериниң өсиў пәтин тәмийинлеў, экономиканың тийкарғы тармақларында кооперация жойбарларын жеделлестириў, аймақлар дәрежесинде нәтийжели байланыслар, исбилерменлик ҳәм гуманитарлық алмасыўларды даўам еттириўге қаратылған муўапықластырылған илажларды қабыл етиўге айрықша итибар қаратылды.
Өзбекстан ҳәм Россия жетекшилери болажақ ушырасыў ҳәм илажлардың режесин де көрип шықты.