"Дунё" ХАның мәлим етиўинше, еки мәмлекет ҳүкиметлери атынан ҳүжжетке Өзбекстанның БМШтағы турақлы ўәкили Улуғбек Лапасов ҳәм Сомалидиң БМШтағы турақлы ўәкили Абукар Даҳир Усмон қол қойды.
Тәреплер халықаралық шөлкемлер, соның ишинде, БМШ ҳәм оның қәнигелескен институтлары шеңберинде бирге ислесиўди күшейтиўге таяр екенин тастыйықлады.
Сондай-ақ, сиясий, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда бирге ислесиўдиң өз-ара пайдалы бағдарларын табыў мақсетинде еки тәреплеме байланысларды жеделлестириў бойынша келисимге ерисилди.
Мағлыўмат ушын, Сомали Федеративлик Республикасы Өзбекстан менен дипломатиялық қатнасықлар орнатқан 157-мәмлекетке айланды.