Сөйлесиў алдынан мәмлекет басшылары жақынласып киятырған Наўрыз байрамы мүнәсибети менен бир-бирин қызғын қутлықлап, беккем денсаўлық, абаданлық ҳәм табыслар, дос халықларымызға тынышлық-татыўлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Жоқары дәрежеде қабыл етилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Жедел сиясий сөйлесиўди даўам еттириў, экономиканың тийкарғы тармақларында кооперация жойбарларын, жедел мәдений-гуманитарлық ҳәм аймақлараралық алмасыў бағдарламаларын қоллап-қуўатлаў ҳәм алға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Март айының ақырында Тәжикстанда болажақ үш тәреплеме ушырасыўға ҳәм усы жылы апрель-май айларында мәмлекетимизде өтетуғын "Орайлық Азия плюс" форматындағы саммитлерге таярлық көриў мәселелери көрип шығылды.