Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң басында түркиялы кәсиплесине шын жүректен көрсетилип атырған миймандослық ҳәм кеңес шеңбериндеги нәтийжели сөйлесиўлер ушын миннетдаршылық билдирди.

Заманагөй Түркия барлық тараўларда үлкен жетискенликлерге ерисип атырғаны, тек ғана мусылман дүньясында емес, ал глобал мәканда да мүнәсип абырайға ийе екени айрықша атап өтилди.

Өзбекстан менен Түркия арасындағы дослық ҳәм кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықлары кейинги жыллары сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Өткен жылдың жуўмақларына бола, өз-ара саўда көлеми 3 миллиард доллардан артты, қоспа кәрханалар саны 2 мың 200 ди, өзлестирилген инвестициялардың улыўма көлеми дерлик 10 миллиард долларды қурады.

Еки мәмлекет арасында ҳәр ҳәптеде 100 ге шамалас авиарейслер әмелге асырылады. Түркияның жетекши компанияларының қатнасыўында 9 миллиард долларлық жойбарлар қамтып алынған.

Кеңес мәжилислерин турақлы өткерип барыў, Ҳүкиметлераралық комиссия ҳәм Стратегиялық режелестириў топары механизминен нәтийжели пайдаланыў бойынша қарарлар қабыл етилди.

Абырайлы халықаралық структуралар, соның ишинде, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Ислам бирге ислесиў шөлкеми, Түркий мәмлекетлер шөлкеми ҳәм басқа да структуралар шеңберинде өз-ара қоллап-қуўатлаў әмелияты даўам еттириледи.

Жетекшилер товар алмасыў көлемин, соның ишинде, Преференциал саўда ҳаққындағы келисим шеңберинде товарлар номенклатурасын кеңейтиў, экономиканың тийкарғы тараўларында санаат кооперациясын беккемлеў есабынан 5 миллиард долларға жеткериў бойынша әмелий илажлар көриўге келисип алды.

Мәдений-гуманитарлық алмасыўды буннан былай да кеңейтиў, соның ишинде, қоспа театр ҳәм кино ҳәптеликлери, көркем өнер көргизбелерин өткериў, зыярат туризмин раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды.

Мәжилис жуўмағында еки мәмлекет ҳүкиметлери тәрепинен ерисилген келисимлерди өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў бойынша комплексли "жол картасы" қабыл етилетуғыны атап өтилди.