Өзбекстанда 52 метрли "Цивилизациялар ҳәм ашылыўлар дийўалы" жаратылмақта

    17 шілде 2025 2317

    Бүгин Ташкент қаласындағы Ислам цивилизациясы орайы музейине пресс-тур шөлкемлестирилди.

    Пресс-турда Орайдың илимпазлары, қәнигелери ғалаба хабар қуралларының ўәкиллерине "Цивилизациялар ҳәм ашылыўлар дийўалы" бойлап жайластырылатуғын миниатюралардың таярланыў процесин таныстырды.

    Екинши Ренессанс дәўири миниатюраларын өз ишине алған дийўалдың узынлығы дерлик 52 метр, бийиклиги бир метрли оймалы безеў менен есаплағанда 5 метрди қурайды.

    Дийўал бойлап жәми 10 нан артық миниатюра орын алады. Дийўалдағы сүўреттиң көлемин есапқа алған ҳалда миниатюраларды 50 ге шамалас художниклер еки айдан берли тынымсыз мийнет етпекте.

    Көркем өнертаныў илимлери бойынша философия докторы, художник Беҳзод Ҳожиметовтың мәлим етиўинше, дийўал ушын Ҳирот, Бухара, Самарқанд ҳәм биразы ҳинд миниатюра мектеплери тийкарында исленген миниатюралар сайлап алынған.

    "50 ге шамалас миниатюралар арасында Шираз, Исфахан, Табриз миниатюра мектеплери усылында исленгенлери де бар еди, бирақ өзимиздиң ойшыллар, тарийхый ўақыялар сәўлеленген сүўретлер таңлап алынды. Буннан тысқары, аң, саўаш сыяқлы көринислерден ўаз кешилди. Себеби дийўал сүўретлери концепциясы биринши орында цивилизациялар, шахслар ҳәм ойлап табылыўлар темаларын өз ишине алады. Миниатюралар да усы темалардан шетлеп өтилмеген ҳалда сайлап алынған. 10 нан артық миниатюра сызыў жумысларының 80 процентин орынлап болдық. Музей дийўалының бийиклиги 8 метрди қурап, оның 3 метрден жоқары бөлегине мине усы миниатюралар дийўалын жайластырыў нәзерде тутылған. Миниатюралардың көлемин есапқа алсақ, оны Гиннестиң рекордлар китабына да киргизиўимиз мүмкин. Композицияларымыз жоқары сапалы гезлемеге, сапалы бояўлар менен сызылды ҳәм Италиядан алып келинген тилла суўы менен қайта исленди. Енди устаханада исленген барлық жумысларды Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайының қурылысы жуўмақланған имаратына алып барып, арнаўлы желимлер менен дийўалға жайластырыў жумыслары қалған. Миниатюраларды таңлаўда экспозицияда жайластырылган факсимеллер, экспонатлар ҳәм қолжазбаларды тәкирарламаўға итибар қаратылды. Сондай-ақ, бас идея сыпатында ойлап табыўлар ҳәм цивилизациялар темасына итибар қаратылды.

    Миниатюралардың айырымлары бизге толық жетип келмеген, оларды дийўал көлемине бейимлестирип, өз усылынан шықпаған ҳалда композицияны толық тикледик. Сондай-ақ, ҳәрбир миниатюралар арасына сол дәўирде пайдаланылған нағыслар менен жийеклер сызылды. Бул нағысларды еки түрли - Бухара ҳәм Герат мектеби усылында сыздық. Нағыслардан анық биреўи илимий кеңес ағзалары тәрепинен таңланып, барлық миниатюралар арасына жайластырылады", - деди художник Беҳзод Ҳожиметов.

    Атап өтилиўинше, дийўалдағы миниатюралардан Әмир Темурдың Маўараўннахр ҳүкимдары деп жәрияланыўы ҳәм оның илим, мәденият ҳәм архитектураның раўажланыўына қосқан үлесине айрықша итибар қаратылады. Бул тарийхый процессти сүўретлеўде Шарафиддин Али Яздийдиң "Зафарнама" шығармасының Лондонда, Британия китапханасында сақланып атырған нусқасындағы миниатюралардан пайдаланылған. Дийўалдың орайында Әмир Темурдың таж кийиў мәресими сүўретленген "Балх қурылтайы" миниатюрасы жайластырылған. Тийкарғы итибар Әмир Темурдың ағартыўшы ҳүкимдар сыпатындағы келбетин көрсетип бериўге қаратылады. Соның ишинде, бул ири сүўретлеў өнери шығармасында Әмир Темур дәўиринде қурылған имаратлар сүўретленеди. Соның менен бирге Самарқандта Беҳзад тәрепинен сүўретленген Бийбиханым мешитиниң қурылыс процеси де айрықша көрсетиледи. Мырза Улығбек ҳәм оның дүнья илимине қосқан үлесине де айрықша итибар қаратылады. Улуғбектиң тири ўақтында исленген еки миниатюра - олардан бири Низамийдиң "Хамса"сынан алынған миниатюра, екиншиси Ас-Суфийдиң "Китаби сиварил-кавакиб ас-сабита" китабындағы Сефей жулдыз топарының сүўрети. Мырза Улуғбектиң негизги келбетин тиклеўде бул сүўретлер үлкен орын тутады. Сол себепли реңли сүўрет шығармасында усы миниатюраларды да сәўлелендириў нәзерде тутылади.

    Хорасандағы Темурийлер дәўири Ренессансында Хусайн Байқара ҳәм Әлийшер Наўайының үлеси айрықша көрсетиледи. Бунда әййемги миниатюралар арқалы Герат көринислери, Наўайы, Хусайн Байқара, олардың дөгерегинде турған Абдураҳман Жәмий, Камаладдин Бегзад, Хандамир сыяқлы Герат мәдений орталығының ўәкиллери көрсетип бериледи. Сондай-ақ, Хусайн Байқараның илим ҳәм мәденият қәўендери сыпатындағы ролин көрсетип бериў мақсет етилген. Бунда да түрли қолжазбаларда сәўлеленген мине усындай миниатюралардан пайдаланылады.

    Бул экспозицияда Бабур ҳәм Бабурийлер мийрасына да айрықша итибар қаратылады. Бабурға бағышланған бөлимде оның тарийхый қолжазбалардағы миниатюраларынан кең пайдаланылады. Әсиресе, Әмир Темурдың Бабур ҳәм оның әўладлары қоршаўында жаратылған миниатюрасы айрықша орын ийелейди.

    Сондай-ақ, Орайлық Азияда Темурийлерден кейин мәмлекетти узақ ўақыт басқарған Шайбанийлер ҳәм Аштарханийлер дәўириндеги илим, билимлендириў ҳәм мәдений турмис сол дәўирде сызылған тарийхый сүўретлерде өз көринисин табады.

    Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайының илимий хаткери Рустам Жабборов та миниатюралар дийўалын қәлиплестириўде художниклер менен биргеликте пикир алысып, өзиниң усынысларын берген.

    "Орайдың музей экспозициясы ишки контентин байытыў, орай дийўалларын өз дәўирине тән миниатюра ҳәм сүўретлер менен безеў бойынша қызғын процесс даўам етпекте. Орайдың кеңейтилген мәжилислериниң додалаўында илимпазлар ҳәм қәнигелер тәрепинен әйне "Екинши Ренессанс дәўири" бөлимин миниатюралардан ибарат композиция менен байытыў усынысы берилген еди. Екинши Ренессанс дәўири Әмир Темур тахтқа отырған ўақыттан басланатуғынын есапқа алсақ, бул дийўалда әйне усы темаға сәйкес миниатюра да жайластырылады. 1450-жылға тийисли Шарафиддин Али Яздийдин "Зафарнома" шығармасындағы миниатюра бүгинги күнде Британия китапханасында сақланады. Енди биз бул миниатюраны Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайының экспозициясында көриўимиз мүмкин болады. 35 жасар нәўқыран Әмир Темур беклер, сәркардалар, сарай ҳәмелдарлары ҳәм устазлары қоршаўында сүўретленген сүўрет қос бетте сызылган. Оны художниклеримиз дийўал көлемине бейимлестирген ҳалда бир пүтин композиция сыпатында тиклеген. Бул миниатюралардың ҳәр бириниң тийкары бар. Мениңше, Орайға келетуғын тамашагөй "Екинши Ренессанс дәўири" залында әйне сол ўақыттағы орталықты сезеди. Себеби, мине усы дәўирде миниатюра көркем өнери раўажланған. Сол дәўирдиң ең уллы художниклеринен Камаладдин Бегзад, Махмуд Музаҳҳиб сыяқлы художниклер дөретиўшилик еткен. Дийўал ушын таңланған миниатюралар да мине усы художниклер ҳәм олардың шәкиртлери тәрепинен исленген. Бул миниатюраларда сол ўақыттағы мәмлекетшилик, халық турмысы, социаллық қорғаў, ҳаял-қызлар, жаслар сыяқлы мәселелер сәўлелендирилген", - дейди Рустам Жабборов.

    Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы музейинде Екинши Ренессанс дәўириниң миниатюраларын өз ишине алған "Цивилизациялар ҳәм ашылыўлар дийўалы" келиўшилердиң көз алдында тарийхты жанландырса, әжеп емес.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates