Қарарға бола, 2025-жыл 1-сентябрьден баслап Миллий туризм бирден-бир платформасы сынақ тәризинде, 2025-жыл 1-декабрьден болса толық иске қосылады.

Бул платформа төмендегилерди әмелге асырыў имканиятын береди:

туристлерге жайластырыў қуралларын онлайн броньлаў ҳәм туристлер тәрепинен баҳалаў;

республикадағы туроператорлар ҳәм турагентлер хызметлеринен, соның ишинде туристлерге гид, гид-аўдармашы, жол баслаўшы, экскурсия жетекшилери хызметлеринен пайдаланыў;

жөнелиссиз такси ҳәм автотранспорт қураллары ижарасы хызметлеринен пайдаланыў;

автобус, авиа ҳәм темир жол билетлери, мәдений мийрас объектлери, музейлер ҳәм басқа да дыққатқа ылайық орынларға кириў билетлерин сатып алыў;

халықаралық ҳәм миллий төлем системалары арқалы туристлик хызметлер ушын төлемлерди әмелге асырыў;

туризм тараўына байланыслы статистикалық есабатларды жүргизиў ҳәм реал ўақыт режиминде таллаў.

Платформа мағлыўматларының 14 шет тилге аўдармасы тәмийинленип барылады. Транспорт министрлиги менен биргеликте "Узтранс" бирден-бир интерактив мәлимлеме системасы, сондай-ақ, “Ўзбекистон темир йўллари”, Uzbekistan Airways ҳәм басқа жолаўшы тасыў лицензиясына ийе шөлкемлердиң электрон билетлерди сатып алыў системалары интеграцияланады.