Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Шығындыларды басқарыў системасын жетилистириў ҳәм олардың экологиялық жағдайға унамсыз тәсирин азайтыў бойынша илажлар ҳаққында"ғы 5-санлы Пәрманының орынланыўы бойынша Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм ықлым өзгериўи министрлиги тәрепинен бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.
Соның ишинде, министрликтиң Шығындыларды басқарыў ҳәм циркуляр экономиканы раўажландырыў агентлиги жанындағы Шығынды полигонларын басқарыў дирекциясы тәрепинен 2024-жыл даўамында республикада бар 198 турмыслық шығынды полигонынан 29 ы рекултивация етилди.