Илажда Бирлескен Араб Әмирликлери энергетика ҳәм инфраструктура министри Суҳайл ал-Мазруий, Түркия Республикасы энергетика ҳәм тәбийғый ресурслар министри Алпарслон Байрактар, Әзербайжан Республикасы энергетика министри Парвиз Шаҳбозов, Қырғызстан Республикасы энергетика министри Таалайбек Ибраев, сондай-ақ, Жәҳән банки, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки, Азия раўажланыў банки, Азия инфраструктуралық инвестициялар банки, Ислам раўажланыў банки, жетекши компаниялар - ACWA Power (Саудовская Аравия), Aksa Enerji, Cengiz Enerji (Турция), Masdar (ОАЭ), China Energy, Datang, Sinoma, Poly (Китай), EDF, Voltalia, TotalEnergies (Франция), Siemens Energy (Германия) ҳәм Nebras Power (Катар) компанияларының ўәкиллери қатнасты.
Жаңа объектлер - 11 миллиард долларлық 42 жаңа генерациялаўшы, сақлаўшы ҳәм ислеп шығарыўшы қуўатлықлар және басқа да энергетикалық инфраструктура мәмлекетимизде миллий энергетика потенциалын беккемлеўге қаратылған кең көлемли стратегияның бир бөлеги болып есапланады.
Соның ишинде, Қарақалпақстан, Бухара, Қашқадәрья ҳәм Ташкент ўәлаятларында улыўма баҳасы 3,3 миллиард долларлық, қуўатлылығы 3,5 мың мегаватт болған 16 қуяш, самал, ыссылық ҳәм гидроэлектр станциялары қурылады.
Олар толық қуўатлылыққа шыққаннан соң, жылына 15 миллиард киловатт саат электр ислеп шығарады.
Нәтийжеде келеси жылы елимизде ислеп шығарылатуғын "жасыл" энергияның көлеми 23 миллиард киловатт саатқа жетеди. Бул Өзбекстан халқының электр энергиясына болған жыллық талабын толық тәмийинлеў имканиятын береди.
Ең әҳмийетлиси, "таза энергия" дерлик 7 миллиард куб метр тәбийғый газди қысқартыў имканиятын береди. Атмосфераға 11 миллион тонна зыянлы элементлер шығарылыўының алды алынады.
Иске қосылатуғын жойбарлар арасында улыўма қуўатлылығы 1 мың 245 мегаватт болған 10 энергия сақлаў системасы бар. Бул жүклемениң ең жоқары дәўиринде тармаққа қосымша 1,5 миллиард киловатт саат электр жеткерип бериў имканиятын береди.
Сондай-ақ, 11 ири подстанция ҳәм 420 километр жоқары күшлениў тармақлары иске қосылып, энергетика системасының турақлы ислеўине хызмет етеди.
«Angren Energo»да жылына 15 мың дана трансформатор, «Uzhydropower»да 155 дана гидроагрегат ислеп шығаратуғын жаңа кәрханалар елимиз экономикасына үлкен үлес қосады.
Мәресимде шығып сөйлеген мәмлекетимиз басшысы бул әҳмийетли ўақыя Өзбекстанның турақлы раўажланыўы жолында гезектеги әмелий қәдем болатуғынына исеним билдирди.
-Экономиканың жедел өсиўи ҳәм халықтың талаплары артып атырғанын есапқа алып, энергетика тараўында кең көлемли реформаларды әмелге асырмақтамыз. Бул бағдарда биз еки тийкарғы мақсетти белгилеп алдық. Бириншиси - барлық тармақ ҳәм аймақларды исенимли ҳәм үзликсиз энергия менен тәмийинлеў. Екиншиси, бул ўазыйпаны тийкарынан заманагөй, экологиялық таза ҳәм қайта тиклениўши энергия дәреклери есабынан әмелге асырыў, - деди Президент.
Кейинги жыллары энергетика тараўына 35 миллиард доллар сырт ел инвестициясы кирип келип, 9 мың мегаватт жаңа қуўатлықлар иске қосылғаны атап өтилди.
Нәтийжеде электр энергиясын ислеп шығарыў көлеми 2017-жылдағы 60 миллиард киловатт-сааттан усы жылы 85 миллиардқа жетти.
Жәми қуўатлылығы дерлик 5 мың мегаватт болған қуяш ҳәм самал станциялары, 400 мегаваттлы гидроэлектр станциялары иске қосылғаны айрықша әҳмийетке ийе. "Жасыл" энергияның улыўма генерация көлеминдеги үлеси усы жылы "Жасыл" энергияның улыўма генерация көлеминдеги үлеси 30 процент.
Буннан тысқары, жеке меншик сектор, шаңарақ ҳәм социаллық объектлерде 2 мың мегаватт киши қуяш панеллери орнатылды. Усы жылдың өзинде олар тәрепинен дерлик 2 миллиард киловатт саат қосымша қайта тиклениўши энергия ислеп шығарылды. Мәмлекетимиз бойынша 69 мың километр электр тармақлары, 14 мың жоқары күшлениўли трансформатор пунктлери ҳәм подстанциялары жаңаланды.
Бундай өзгерислер жергиликли кәрханалардың раўажланыўына күшли пәт бағышламақта. Жыл басынан берли жергиликли ислеп шығарыўшылар қурылып атырған электр станциялары ҳәм тармақлар ушын қурылыс материаллары, металл конструкциялар, кабель өнимлери ҳәм электротехника үскенелерин жеткерип берди, 700 миллион долларлық жойбарлаў-инжиниринг ҳәм қурылыс хызметлерин көрсетти.
Мысал ушын, Нарын каскадындағы 38 мегаватт қуўатлылыққа ийе биринши гидроэлектр станциясы толық жергиликли үскенелер ҳәм материаллар тийкарында иске қосылды.
Өзбекстан жетекшиси бул жетискенлик ҳәм табысларда сырт елли инвесторлар ҳәм халықаралық шериклердиң үлеси үлкен екенин атап өтти.
Мәмлекетимиз басшысы келеси 5 жылда 150 миллиард доллардан аслам сырт ел инвестициялары есабынан мыңлаған санаат ҳәм инфраструктура объектлерин иске қосыў, көплеген жоқары дәраматлы жумыс орынларын жаратыў режелестирилгенин атап өтти.
IТ, жасалма интеллект, "затлар интернети" сыяқлы жаңа бағдарларда жумыс алып барып атырған компаниялар ушын тартымлы шараятлар жаратыў мақсетинде суперкомпьютер кластерлери ҳәм дата-орайлар шөлкемлестириў нәзерде тутылған.
Усы мәниде, ҳәзирги ўақытта Саудияның «DataVolt» компаниясы 3 миллиард доллар инвестиция есабынан 500 мегаватт қуўатлықтағы дата-центр қурыў жойбарын әмелге асырыўға киристи.
Бундай үлкен жойбарлардың әмелге асырылыўы электр энергиясына болған талапты сезилерли дәрежеде - кеминде 1,5 есеге арттырады. Усы мәниде, Президентимиз енергетиканы раўажландырыў бойынша келешектеги режелерге тоқтап өтти.
Бириншиден, электр энергиясына өсип баратырған талапты қаплаў мақсетинде 2030-жылға шекем 17 мың мегаваттан аслам қайта тиклениўши энергия қуўатлықлары иске қосылады. Нәтийжеде "жасыл" энергияның улыўма генерациядағы үлеси 54 процентке жеткериледи.
Жаңа қуўатлықларды бирден-бир энергетика системасына интеграциялаў ушын 6 мың километр жоқары күшлениўли электр узатыў тармақлары қурылады. Келеси жылдың өзинде 1 мың километр усындай тармақлар тартылып, 6 мың мегаваттлы подстанциялар қурылады.
Екиншиден, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында сырт ел инвестицияларын тартыўды кеңейтиў. Усы жылдан баслап жеке меншик шериклик принциплери қолланылмақта.
Тек ғана электр энергиясын ислеп шығарыўда емес, ал оны жеткерип бериўде де.
Атап айтқанда, Түркияның «Aksa Elektrik» компаниясы менен Самарқанд аймақлық электр тармақларын жеке меншик басқарыўға бериў бойынша келисимге ерисилди.
Компания тармақты оператив басқарыўға алып, модернизацияға инвестиция киргизеди, шығынларды 2 есеге қысқартып, жылына орташа 20 миллион доллар үнемлейди.
Тап усындай, келеси жылы инвесторларға Жиззақ ҳәм Сырдәрья, 2027-жылы Наманган ҳәм Ташкент ўәлаятларының электр тармақларын басқарыў усыныс етиледи.
Үшиншиден, альтернатив энергия дәреклерине өтиўди белсене қоллап-қуўатлаў.
Жаңа жылда 300 мәҳәлледе кооперация тийкарында улыўма қуўатлылығы 107 мегаватт болған қуяш станциялары орнатылады. Бул социаллық баслама 30 мың кем тәмийинленген шаңарақты "жасыл энергия" менен тәмийинлеп, артықша дәраматын тармаққа узатыў ҳәм қосымша дәрамат алыў имканиятын береди.
Исбилерменлер усы жылы 40 мегаваттлы киши ҳәм микро ГЭСлер қурған. Нәтийжеде 120 миллион киловатт саат электр ислеп шығарылып, исбилерменлердиң өзи де жаңа дәрамат дәрегине ийе болды.
Келеси жылы және 65 мегаватт киши ҳәм микро ГЭСлер қурылып, 80 мың шаңарақтың электр тәмийнаты сезилерли дәрежеде жақсыланады.
Төртиншиден, Бразилияда болып өткен СОР-30 климат конференциясында Өзбекстан Париж келисими шеңберинде 2035-жылға шекем ыссыхана газлериниң шығындыларын 50 процентке қысқартыў бойынша әҳмийетли миннетлемени өз мойнына алды.
Жәҳән банки менен биргеликте биринши мәрте «iCRAFT» инновациялық жойбарын әмелге асырыў басланды, оның шеңберинде Өзбекстан тәрепинен қысқартылған 23 миллион тонна ыссыхана шығындылары есапқа алынды. Углерод бирликлерин сатыў системасы иске түсирилди.
халық аралық базарда
Әҳмийетлиси, усы жылдың өзинде 17 ири санаат кәрханасы "жасыл энергия" бойынша халықаралық сертификатлаў системасына өтти. Келеси еки жылда бундай кәрханалардың саны 100 ге жеткериледи.
Бесиншиден, бирден-бир энергетика базарын жаратыўда қоңсы мәмлекетлер менен шерикликти раўажландырыў.
Келеси жылы Қырғызстан ҳәм Қазақстан менен биргеликте регионның гидроэнергетика потенциалынан нәтийжели ҳәм биргеликте пайдаланыў мақсетинде Қамбарата ГЭС-1 жойбарын қаржыландырыў басланады.
Мәмлекетимиз басшысы, сондай-ақ, Әзербайжан ҳәм Қазақстан басшыларының Европаға электр энергиясын експорт етиў бойынша "жасыл коридор" жаратыў жойбары шеңбериндеги исенимли ҳәрекетлерин айрықша атап өтти.
- Бүгин иске қосылып атырған барлық жойбарларымыз турақлы экономикалық өсиў дәреги болып, келешек әўладлар ушын жаңа имканиятлар ашады. Мине усындай исенимли қәдемлеримиз себепли биз, әлбетте, жаңа түрдеги заманагөй энергетика системасын қәлиплестиремиз, -деди мәмлекетимиз жетекшиси.
Жуўмағында Өзбекстан Президенти рәмзий түймени басып, 42 энергетика объектиниң жумысына ҳәм 21 жаңа жойбардың қурылысына старт берди.











