Атап өтилиўинше, 18 жастан 50 жасқа шекемги талабанлар дәслеп 10 жумыс орнына таңлап алынады ҳәм 2000 доллардан 2750 долларға шекем айлық мийнет ҳақы төленеди.
Сондай-ақ, талабанлардан кеминде 2 жыллық тәжирийбе, инглис тилин билиў кеминде Б1 дәрежеде билиў талап етиледи. Басқа тиллер (араб, рус тили) қосымша үстинлик бериледи.
Жумыс бериўши тәрепинен болса Қатарға барыў қәрежетлери ҳәм авиабилет, жумысшы виза ҳәм медициналық қамсызландырыў, турақ жай ҳәм жергиликли транспорт қәрежетлери қаплап бериледи.
Мағлыўмат ушын, жумыс үш сменалы системада әмелге асырылып, ҳәптесине 48 саат, 6 күн даўам етеди.