Оған бола, шөлкемлескен тәризде сырт елге жумысқа жиберилген ҳәм сол мәмлекетиниң нызам ҳүжжетлерин бузыўы нәтийжесинде депортция етилген пуқараларды қайтарыў ҳәм оларды қайтарыўға байланыслы қәрежетлерди өндириў тәртиби белгиленди.
Енди, сырт елде жумыс ислеп атырған дәўиринде сырт мәмлекеттиң нызамшылық ҳүжжетлерин бузыўы нәтийжесинде депортция етилген пуқараларға төмендеги илажлар қолланылады:
- депортция етилген пуқара Миграция қоры есабынан қайтарылғанда, қайтарыў қәрежетлери усы пуқарадан өндирип алынады;
- Миграция қоры есабынан усынылған субсидия ҳәм компенсация суммалары қайтарып өндириледи;
- бир жылға шекемги мүддет даўамында раўажланған мәмлекетлерге шөлкемлескен тәризде жумысқа жибериў бойынша хызметлер көрсетилмейди;
- шөлкемлескен тәризде сырт елге жумысқа жибериў бойынша хызмет көрсетиў ҳаққындағы шәртнамада шәртнама шәртлери орынланбағаны ушын жәрийма ҳәм үшинши шахслардың кепиллиги белгиленеди;








