"Дүнья" ААның хабар бериўинше, үш басқышлы - миллий, регионаллық ҳәм глобал система тийкарында өткерилген жарысларда Ташкент мәлимлеме-технологиялары университетиниң "Volta" командасы қатнасты.
Сондай-ақ, дүньяның 100 ден аслам мәмлекетлериндеги еки мың жоқары билимлендириў мәкемелеринен 960 мың студент қатнасты.
Таңлаўдың "Инновациялар таңлаўы" номинациясында командалар күнделикли турмыста дус келетуғын машқалаларды анықлап, жасалма интеллект, "бултлы" есаплаў, үлкен мағлыўматлар ҳәм басқа да технологияларды қолланған ҳалда социаллық ҳәм коммерциялық қунға ийе болған функционаллық шешимлерди усынды.
Финал басқышында қатнасқан Қытай, Германия, Түркия, Полша, Аргентина, Қатар ҳәм басқа да мәмлекетлердиң командалары арасында Ташкент мәлимлеме технологиялары университетиниң "Volta" командасының презентациясы шөлкемлестириўшилер тәрепинен жоқары баҳаланып, олар үшинши орынға мүнәсип деп табылды.