Өзбекстанлылардың көпшилиги дипломы бойынша ислемейди - изертлеў

    Социаллық турмыс 23 маусым 2025 996

    "HeadHunter Uzbekistan" онлайн платформасы изертлеўине бола, өзбекстанлылардың тек үштен бир бөлеги өз тараўы бойынша ислейди.

    Онлайн платформасы жумыс излеўшилер арасында өткерген сораў нәтийжелерине бола, халықтың тек үштен бир бөлеги өз билимлери бойынша ислеп атырғанын билдирген. Қалғанлары болса тараўын пүткиллей өзгерткен ямаса дипломдағы билимлерин тек ғана айырым бөлегинде қолланбақта.

    Изертлеўдиң тийкарғы жуўмағына бола, Өзбекстанда билимлендириў менен мийнет базары талаплары арасында айырмашылық бар.

    Сораў нәтийжеси төмендегише:

    64% респондентте жоқары билимлендириў ямаса жоқары билимлендириўден кейинги билим бар;

    78% егер имканият болса, басқа қәнигеликти таңлаған болар еди;

    Тек 27% адам дипломды кәсиплик табыстың тийкарғы факторы деп биледи - көпшилик болса тәжирийбе, бейимлесиўшеңлик ҳәм көнликпелерге итибар береди;

    74% қатнасыўшы онлайн-билимлендириўди қоллап-қуўатлайды, бирақ олардың тек үштен бири оны университетке толық альтернатив деп есаплайды.

    "Hh.uz" мағлыўматларына бола, жумыс бериўшилер елеге шекем дипломға итибар қараца да, әмелий тәжирийбе, интакерлик ҳәм бейимлесиў қәбилетин және де жоқары баҳаламақта.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates