Бир неше жыл алдын коронавирус пандемиясы себепли үлкен жоғалтыў ҳәм сынақларды басынан өткерген дүнья жәмийетшилигин усы жуқпалы вирус ҳаққындағы бундай хабарлар тәшўишке салыўы тәбийғый.

Нипаҳ қандай вирус? Қәўетерлер қаншелли тийкарлы? Оның белгили бир аймақ шеңберинен шығып, дүнья бойлап тарқалыў итималы бар ма? Бул сораўлар бүгинги күнде тек ғана қәнигелер емес, ал әпиўайы адамларды да ойландырмақта.

Вирус тарийхына бир нәзер

Нипаҳ вирусы биринши мәрте 1998-жылы Малайзиядағы Кампунг Сунгай Нипаҳ аўылында жасаўшы шошқа бағыўшы фермерлер арасында, кеселлик ҳәўиж алған ўақытта анықланған. Сол себепли вирустың аты усы аўыл атынан келип шыққан. Сол ўақытта вирус пенен кеселленген 265 адамнан 108 и қайтыс болған еди. Соннан берли кеселликтиң және 12 мәрте ҳәўиж алғаны атап өтилген болып, олардың барлығы Қубла Азия аймағында бақланған.

Бангладеште Нипаҳ вирусы биринши мәрте 2001-жылы анықланған болып, соннан берли дерлик ҳәр жылы усы мәмлекетте кеселликтиң ҳәўиж алыў жағдайлары бақланбақта. Сондай-ақ, кеселлик Ҳиндстанда көп дизимге алынады. Басқа аймақлар да қәўип астында болыўы мүмкин, айтайық Камбоджа, Гана, Индонезия, Мадагаскар, Филиппин, Таиланд сыяқлы мәмлекетлерде Нипаҳ вирусына қарсы антителолар тәбийғый резервуар есапланған Птеропус түрине тийисли жарғанатлар ҳәм айырым басқа түрлерде анықланған.

2018-жылы Ҳиндстанның Керала штатында Нипаҳ вирусының тарқалыўы дизимге алынып, ақыбетинде 17 адам қайтыс болған еди. 2021-жыл сентябрь айында усы штатта вирустың және бир мәрте ҳәўиж алыўы бақланып, 12 жасар бала қайтыс болған, 11 адамда болса кеселлик белгилери анықланған еди. 2023-жыл 16-сентябрьде Ҳиндстанда Нипах вирусы және ҳәўиж алды, сол ўақытта 2 адам қайтыс болды. 2024-жыл 22-июль күни Керала штатында 14 жаслы өспирим қайтыс болды.

Өткен жылдың июль айында усы штаттағы еки районда вирус пенен байланыслы жуғыў менен байланыслы төрт жағдай анықланған болып, сол ўақытта еки адам қайтыс болған еди.

Сондай-ақ, Бангладеште 2025-жылдың январь-август айлары аралығында вирус жуғыўының төрт жағдайы дизимге алынған еди.

Нипаҳ қандай вирус?

Нипаҳ вирусы (NiV) ҳайўанлардан, атап айтқанда, жарғанатлардан тарқалатуғын кеселлик есапланады. Кеселлик тек ғана ҳайўанлардан емес, ал зыянланған азық-аўқат өнимлери ҳәм кеселленген адам менен тығыз байланыс арқалы да тарқалады. Ол көплеген ҳайўанларды зыянлайды ҳәм адамларда аўыр кеселликлер, ҳәттеки, өлимге алып келеди. Соның ушын ол адамлардың денсаўлығы ушын үлкен машқала болып есапланады.

Адамларда инфекция түрли формаларда өтеди. Ол ҳеш қандай симптомларды көрсетпеўи, жеңил ямаса аўыр өткир дем алыў жоллары инфекциясы ҳәм өлимге алып келиўши енцефалиттиң келип шығыўына себеп болыўы мүмкин.

Дәслеп температура, бас аўырыўы, булшық ет аўырыўы, қусыў ҳәм тамақ аўырыўы пайда болады. Кейин ала бас айланыў, уйқышылық ҳәм өткир энцефалитти көрсететуғын неврологиялық белгилер раўажланыўы мүмкин. Айырым наўқасларда атипик пневмония ҳәм өткир дем жетиспеўшилиги бақланади. Аўыр жағдайларда 24 - 48 саат ишинде энцефалит, тириспеўлер ҳәм кома жағдайы бақланады. Инкубациялық дәўир әдетте 4 - 14 күн даўам етеди, бирақ 45 күнге шекем созылған жағдайлар да белгиленген.

Өткир энцефалиттен аман қалған наўқаслардың көпшилиги толық саўалып кетеди, бирақ айырымларында узақ мүддетли неврологиялық асқыныўлар сақланып қалады. Шама менен 20 процент наўқасларда тутқанақ приступлары бақланады. Айырым жағдайларда кеселлик қайта қозғалыўы мүмкин.

Өлимшилик көрсеткиши жоқары - 40 - 75 процент. Бул дәреже эпидемиялық қадағалаў ҳәм медициналық жәрдем имканиятларына байланыслы өзгерип турады.

ЖДСШ баянаты

Ҳиндстанда Нипаҳ вирусының ҳәўиж алғаны ҳаққындағы соңғы мағлыўматлар 2026-жыл 24-январь күни пайда болды. Бул дүнья көлеминде қәўетерлерге себеп болды. Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми (ЖДСШ) Нипаҳ вирусы менен байланыслы жағдай ҳаққында мағлыўмат берип, ҳәзирги ўақытта оның адамнан адамға жуғыўының көбейгенлиги ҳаққында ҳеш қандай дәлил жоқ екенин, вирустың Ҳиндстаннан тысқарыда тарқалыў итималы төмен екенин, себеби мәмлекет кеселликтиң ҳәўиж алыўын тоқтатыў имканиятына ийе екенин мәлим етти.

Алдынрақ Ҳиндстан Денсаўлықты сақлаў министрлиги декабрьден берли мәмлекетте Нипаҳ вирусын жуқтырыў менен байланыслы тек ғана еки тастыйықланған жағдай дизимге алынғанын хабарлаған еди.

Ҳиндстан ҳүкимети Батыс Бенгалия рәсмийлери менен тығыз бирге ислесиўде дәрҳал "белгиленген баянламаларға муўапық" илажлар көрди. Наўқасланған шахслар менен байланыста болған жәми 196 адам анықланды ҳәм тексериўден өткерилди. Олардың ҳеш биринде кеселлик белгилери болмаған ҳәм Нипаҳ вирусы ушын алынған тестлер унамсыз шықты.

Бирақ, ЖДСШ Ҳиндстанның айырым аймақларында ҳәм қоңсылас Бангладеште жарғанат популяциясының бар екенлиги себепли жаңа жағдайлар бақланыўы мүмкин екенлигин бийкарламады.

Вирусқа қарсы вакцина бар ма?

Нипаҳ вирусына қарсы вакцина жоқ еди. Бирақ жақында Токио университетиниң Алдынғы илимлер ҳәм технологиялар изертлеў орайы Нипаҳ вирусына қарсы вакцинаны ислеп шықты.

Атап өтилиўинше, вакцина қызылша вирусы тийкарында жаратылған. Ол адам организмине жиберилгенде Нипаҳ вирусы белокларына уқсас белокларды ислеп шығарыўға жәрдем бериўи керек. Бул болса иммун системасын беккемлеп, жуғыў жағдайында инфекция раўажланыўынан қорғаўы мүмкин.

Токио университети илимпазлары кемириўшилер ҳәм басқа ҳайўанларда өткерилген сынақлар даўамында вакцинаның нәтийжелилиги ҳәм қәўипсизлигин әллеқашан тастыйықлады. Адамларда өткерилетуғын сынақлардың биринши басқышы апрель айында Белгияда басланады. Сынақлар табыслы жуўмақланған жағдайда, вакцинаның қәўипсизлиги ҳәм нәтийжелилигин жасы үлкенлер ҳәм балаларда тексериўге қаратылған кейинги басқышлар 2027-жылдың екинши ярымында Бангладеште өткериледи.

Мәмлекетимизде жағдай қандай?

Ҳиндстанда Нипаҳ вирусы менен байланыслы жағдайлар бақланып атырғаны фонында, бул вирус мәмлекетимизде де дизимге алынбаған ба, эпидемиологиялық жағдай қандай, деген сораўлар пайда болды.

Усы мүнәсибет пенен Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы комитети халыққа мүрәжат пенен шықты. Шөлкемниң мағлыўматларына бола, ҳәзирги ўақытта Өзбекстан аймағында бул вирус пенен кеселлениў жағдайлары улыўма дизимге алынбаған ҳәм мәмлекетимиздеги эпидемиологиялық жағдай толық турақлы қадағалаў астында сақланбақта. Атап өтилиўинше, елимиз шегаралары арқалы түрли жуқпалы кеселликлердиң кирип келиўиниң алдын алыў мақсетинде 54 шегара өткериў пунктлеринде санитариялық-карантин қадағалаўы күшейтилген режимде жумыс алып бармақта. Мәмлекетимизге бул вирустың кирип келиў итималы жүдә төмен болса да, қәнигелер сергекликти жоғалтпаўға шақырмақта. Усы мүнәсибет пенен, комитет сырт елге, әсиресе, вирус ошақлары бар болған мәмлекетлерге барыўды режелестирип атырған ўатанласларымызға бир қатар әҳмийетли усынысларды усынды.

Биринши гезекте, жеке гигиена қағыйдаларына қатаң әмел етиў, қолларды сабын менен тез-тез жуўыў ҳәм антисептикалық қураллардан пайдаланыў зәрүр екенлигин атап өтти. Қалаберди, пайдаланылатуғын мийўе ҳәм овошларды әлбетте жуўыў, тек ғана тексерилген суў ишиў керек екенлиги, ең әҳмийетлиси, жарғанатлар шаққан ямаса тырнаған болыўы мүмкин болған, сыртында зыян излери бар мийўелерди ҳеш қашан жемеў керек екенлиги айрықша атап өтилди.

Жуўмақлап айтқанда, Нипаҳ вирусы жоқары өлимшилик көрсеткишине ийе болған қәўипли инфекция есапланса да, оның кең көлемде, әсиресе, дүнья бойлап тарқалыў итималы ҳәзирше төмен баҳаланбақта. ЖДСШ тәрепинен жағдай турақлы қадағалаўға алынған. Өзбекстанда болса ҳәзирги ўақытта бул вирус пенен байланыслы жағдайлар дизимге алынбаған ҳәм эпидемиологиялық жағдай турақлы. Соның менен бирге, глобалласыў шараятында ҳәр қандай жуқпалы кеселликке байланыслы сергекликти жоғалтпаў, санитариялық-гигиеналық қағыйдаларға әмел етиў ҳәм рәсмий дәреклер арқалы берилген усынысларға әмел етиў халықтың саламатлығын сақлаўда айрықша әҳмийетке ийе.


Шаҳзод Ғаффоров,

“Yuz.uz” шолыўшысы.