Душшы суў резервлери кескин түрде азайып баратырғаны анықланды

    Жерде душшы суў резерви жүдә тез пәт пенен азайып бармақта - Аризона штаты университетиниң изертлеўшилери 20 жылдан аслам жасалма жолдас бақлаўларын таллап, сондай жуўмаққа келди.

    2002-жылдан берли қурғақлықта суў резервлериниң рекорд дәрежеде азайыўы атап өтилди, бул тийкарынан климат өзгериўи, жер асты суўларынан ҳәдден тыс көп пайдаланыў ҳәм тез-тез бақланып атырған қурғақшылық пенен байланыслы.

    Изертлеў авторларының атап өтиўинше, қурғақшыл аймақлар ҳәр жылы Калифорния штатынан еки есе үлкен майданға кеңейип бармақта. Жер асты суўларының жоғалыўы теңиз қәддиниң көтерилиўине Гренландия ҳәм Антарктида музлықларының ериўинен көбирек "үлес" қоспақта. GRACE ҳәм GRACE-FO жасалма жолдасларының мағлыўматларына бола, жойтылған суўдың 68 проценти жер асты дәреклерине тийисли.

    Изертлеўде Арқа ярым шарда төрт оғада қурғақ пояс анықланды: қубла-батыс Арқа Америка ҳәм Мексика, арқа Канада ҳәм Аляска, Арқа Россия ҳәм Жақын Шығыстан Арқа Африка ҳәм Евразияға шекем болған белбеў. Бул зоналарға ири аўыл хожалық аймақлары, мегаполислер, Каспий ҳәм Арал теңизлери сыяқлы суў бассейнлери киреди.

    Илимпазлардың ескертиўинше, суў ресурсларын турақлы басқарыў бойынша қыстаўлы илажлар көрилмесе, бул инсанияттың азық-аўқат, биологиялық көп түрлилик, турақлылық ҳәм миллиардлаған адамлардың турмыс тәризине қәўип салыўы мүмкин. Изертлеў Жәҳән банкиниң глобал жер суўсызланыўының социаллық-экономикалық тәсири бойынша жаңа есабатына тийкар болады, деп хабар береди lenta.ru.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates