Илимпазлар алты жыл даўамында изертлеў қатнасыўшыларын бақлап, олардың уйқы тәртиби ҳәм кеселлик тарийхы ҳаққында мағлыўмат топлады. Нәтийжелер күнине тоғыз сааттан артық уйықлайтуғын адамларда (24 процент қатнасыўшылар) ямаса күндиз 90 минуттан артық дем алатуғын адамларда (8 процент қатнасыўшылар) инсульт қәўпи жети-сегиз саат уйықлайтуғын адамларға қарағанда 85 процент жоқары екенлигин көрсетти.
Илимпазлардың атап өтиўинше, ҳәдден тыс көп уйқылаў қан-тамыр кеселликлериниң раўажланыў қәўипин арттырады. Түнги уйқы даўамлылығы усыныс етилген нормадан асқан қатнасыўшыларда инсульт қәўпи 23 процентке артқан. Узақ мүддетли күндизги уйқы да қәўипли болып шықты: изертлеўде бир ярым сааттан артық дем алыў қан-тамыр кеселликлериниң қәўпин 25 процентке арттырды.