Жер жүзиндеги барлық тири жанзаттың өмири, инсан саламатлығы ҳәм турмыс сапасы, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, аўыл хожалығын раўажландырыў, санаат ҳәм энергетика системаларының турақлы жумыс ислеўи мине усы бийбаҳа байлық пенен тығыз байланыслы.

Климат өзгериўи яғный қурғақшылық, температураның көтерилиўи, дүнья халқының өсиўи ҳәм тутыныўдың артыўы, санаат ҳәм аўыл хожалығы себепли дәрья ҳәм жер асты суўларының патасланыўы, ресурслардан нәтийжесиз пайдаланыўы ҳәм раўажланбаған мәмлекетлерде суўды тазалаў ҳәм бөлистириў ушын инфраструктураның жоқлығы суў резервлериниң азайыўына ҳәм дәрьялардың сайызланыўына алып келмекте.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми университетиниң Суў, қоршаған орталық ҳәм денсаўлықты сақлаў институты "суў стресси" ҳәм "суў кризиси" сыяқлы атамалар дүньяның көплеген регионларында суў жетиспеўшилиги менен байланыслы жағдайды толық сәўлелендире алмайтуғынын мәлим етти. Сол себепли, илимпазлар енди "суў банкротлығы" атамасын қолланыўды усыныс етпекте. Олар буны планетамыз әллеқашан "глобал суў банкроты" жағдайында екени менен түсиндирди ҳәм бул бойынша өз есабатын жәриялады.

Бул атама бийкарға киргизилип атырған жоқ. Гәп сонда, бүгин глобал көлемде тутынып атырған, жумсалып атырған суў муғдары оның қайта тиклениў көлеминен артып кетпекте. Көплеген бассейнлер ҳәм жер асты суў қатламларында узақ мүддетли суў тутыныўы қайта тикленетуғын суў ағыслары ҳәм қәўипсиз азайыў нормасынан артып кетти ҳәм айырым суў ҳәм тәбийғый ресурслар - дәрьялар, көллер, суў қатламлары, батпақлықлар, топырақлар ҳәм музлықлар соншелли зыян көрдики, оларды толық тиклеў мүмкин емес. Мине, усы процессти аңлатыў ушын да әйне усы атамадан пайдаланыўға қарар етилди.

Мағлыўматларға қарағанда, душшы суў дүнья суў резервиниң тек ғана 2,5-3 процентин қурайды. Тағы да душшы суўдың 90 проценти музлықларда сақланады.

Бүгинги күнде миллиардлап адамлар суў жетиспеўшилигин басынан өткермекте. Дүнья халқының дерлик төрттен үш бөлеги суў тамтарыслығы ямаса аўыр суў жетиспеўшилиги бар болған мәмлекетлерде жасайды. Шама менен 2,2 миллиард адам елеге шекем қәўипсиз ишимлик суўы, 3,5 миллиард адам қәўипсиз санитариялық шараятларға ийе емес, шама менен 4 миллиард адам жылына кеминде бир ай суў жетиспеўшилигин басынан өткермекте.

1970-жылдан берли глобал музлықлардың көлеми 30 проценттен көбирекке қысқарған, таў дизбеклериндеги келеси он жыллықларда бар музлықлар ерип кетиўи мүмкин.

Жер үсти суў тәмийнаты кескин азайып бармақта. Ҳәзирги күнде барған сайын ири дәрьялар теңизге жетпей атыр ямаса жылдың әҳмийетли дәўиринде олардың суў муғдары нормадан әдеўир төмен. Дүньядағы ең үлкен көллердиң ярымынан көби 1990-жыллардың басларынан берли суўсыз қалды, бул болса суў қәўипсизлиги ушын оларға тиккелей байланыслы болған дүнья халқының шерек бөлегине тәсир етти.

Батпақлықлар да азайып баратыр. Соңғы 5 - 10 жыл ишинде дүнья шама менен 410 миллион гектар - дерлик Европа Аўқамы аймағына тең тәбийғый батпақлықларды жоғалтты. Бул батпақлардың жоқ болып кетиўи 5,1 триллион АҚШ долларынан артық зыян келтирди, бул шама менен дүньяның ең кәмбағал 135 мәмлекетиниң жыллық жалпы ишки өнимине тең.

"Бул есабат унамсыз ҳақыйқатты ашып береди: көплеген регионлар өзиниң гидрологиялық имканиятлары шеңберинен тысқарыда жасамақта, тийкарғы суў системаларының көпшилиги болса әллеқашан "банкрот" жағдайына келип қалған", деди есабаттың жетекши авторы, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Суў, қоршаған орталық ҳәм саламатлық институтының директоры Каве Мадани.

Ҳақыйқатында да, көплеген мәмлекетлер тек өз суў ресурсларын - дәрья суўы, топырақтағы ығаллық ҳәм қар запасларын сарыплап ғана қоймастан, ал музлықлар ҳәм батпақ жерлер сыяқлы узақ мүддетли суў запасларын да таўсып қойған. Бул болса жүдә аўыр ақыбетлерге алып келди, соның ишинде, дәрья дельталары ҳәм жаға бойындағы қалаларда жердиң шөгиўи, көллер ҳәм батпақ жерлердиң жоқ болып кетиўи, сондай-ақ, биологиялық ҳәр түрлиликтиң қайтып болмайтуғын дәрежеде жоғалыўына себеп болды.

Аўыл хожалығы аймақларында суў ресурслары азайып бармақта. Дүнья жүзиндеги душшы суўдың шама менен 70 проценти аўыл хожалығында пайдаланылады. Шама менен 3 миллиард адам ҳәм глобал азық-аўқат ислеп шығарыўшылардың ярымынан көби жер үсти суўы, топырақ ығаллығы, қар, муз ҳәм жер асты суўлары сыяқлы улыўма суў ресурслары әллеқашан азайып атырған ямаса турақсыз болған аймақларда жасайды. 170 миллион гектардан аслам суўғарылатуғын егислик майданлары - шама менен Франция, Испания, Германия ҳәм Италияның улыўма майданына тең аймақ аўыр ямаса жүдә күшли суў тамтарыслығына ушыраған.

Жер ҳәм топырақ деградациясы суў менен байланыслы қәўиплерди күшейтеди. Дүнья аўыл хожалығы жерлериниң ярымынан көби ҳәзирги ўақытта орташа ямаса күшли деградацияға ушыраған, бул топырақ суўының сақланыўын азайтады ҳәм қурғақ жерлерди шөлге айландырыўға алып келеди. Тек ғана шорланыўдың өзи шама менен 82 миллион гектар қурғақ жерлерди ҳәм 24 миллион гектар суўғарылатуғын жерлерди - жәми 100 миллион гектардан аслам сүрилген жерлердиң деградацияға ушыраўына алып келди, бул дүньяның айырым тийкарғы аўыл хожалығы регионларында өнимдарлықты төменлетти.

Қурғақшылық тийкарынан антропоген факторлар себепли жүзеге келмекте ҳәм жүдә қымбатқа түспекте. 2022-2023-жылларда 1,8 миллиардтан аслам адам қурғақшылық шараятында жасаған. Қурғақшылық пенен байланыслы жоғалтыўлар, тек ғана жаўын-шашын жетиспеўшилиги емес, ал жер деградациясы, жер асты суўларының азайыўы ҳәм климат өзгериўи менен күшейип, пүткил дүнья бойлап жылына шама менен 307 миллиард АҚШ доллары зыян келтирди. Бул БМШға ағза мәмлекетлердиң дерлик төрттен үш бөлегиниң жыллық жалпы ишки өниминен көп.

Жақын Шығыс ҳәм Арқа Африкада жағдай оғада аўыр. Бул регионларда суў тамтарыслығы, климат өзгериўи, аўыл хожалығы егинлериниң өнимдарлығының төменлеўи ҳәм қум боранлары бақланбақта.

Қубла Азияның бир қатар аймақларында жер асты суўларынан интенсив пайдаланыў ҳәм урбанизация менен байланыслы аўыл хожалығы искерлиги жер асты суўлары қәддиниң созылмалы төменлеўине ҳәм топырақтың шөгиўине алып келди.

АҚШтың қубла-батысында Колорадо дәрьясы суў ресурсларынан артықша пайдаланыў, климат өзгериўи ҳәм ол келтирип шығарған қурғақшылық пенен байланыслы "суў кризиси" жүзеге келди.

Жоқарыда келтирилген мағлыўматлар суў тамтарыслығы - тек ғана келешек емес, ал бүгинги күнниң машқаласы екенин көрсетпекте. Бул машқаланы сапластырыў дүнья көлеминде суў ресурсларын басқарыўда түпкиликли өзгерислер, үнемли технологияларды қолланыў, экосистемаларды тиклеў ҳәм ҳәр бир инсанның жуўапкершиликли қатнасын талап етеди. Болмаса суў тамтарыслығы инсаният раўажланыўының ең аўыр тосқынлықларынан бирине айланыўы сөзсиз.

Шаҳзод Ғаффоров,

“Yuz.uz” шолыўшысы.