Самарқанд қаласының жасы 3000 жыл деп қайта баҳаланады

    28 шілде 2025 5399

    Бул ҳаққында Халық депутатлары Самарқанд ўәлаяты Кеңесиниң кеше өткерилген гезектеги сессиясында қарар қабыл етилди.

    Усы жылдың басында ўәлаят ҳәкиминиң басламасы менен Самарқандтың тарийхы, мәденияты, архитектуралық ҳәм археологиялық естеликлерин үйрениў мақсетинде ҳәкимлик жанында жәмийетлик кеңес шөлкемлестирилген еди.

    Белгили тарийхшы ҳәм археолог илимпазлар, зыялылардан ибарат кеңес ағзалары бир неше бағдарда изертлеў жумысларын алып барыўға киристи.

    Самарқанд қаласының жасын анықластырыўға жуўапкер топар Афросиёб ҳәм Көктепа естеликлеринде, ҳәзирги Көксарай майданының орнында болған Әмир Темур аркинде илимлераралық изертлеў усылларын қолланыў арқалы комплексли қазыў жумысларын әмелге асырды.

    - Самарқандтың әййемги орны ҳәм жасын үйрениў 150 жылдан аслам ўақыттан берли даўам етип, қала дәслеп буннан 1500 жыл алдын, кейин ала 2000 мың жыл, 1970-жылы 2500 жыл алдын қәлиплескени ҳаққында жуўмақларға келинген еди, -деди сессияда шығып сөйлеген Самарқанд Археология институтының директоры Мўминхон Саидов. 2000-жылларда болса Өзбекстан-Франция биргеликтеги экспедициясы жаңа мағлыўматларды анықлады ҳәм Самарқандтың жасы 2750 жыл деп тастыйықлады. Бирақ бул да жуўмақлаўшы жуўмақ емес ҳәм сонлықтан қаланың хронологиясы бойынша изертлеўлер кейинги жылларда да даўам етип келмекте. Атап айтқанда, усы жылғы қазыў мағлыўматлары Самарқанд қаласынан 25 километр узақлықтағы Көктепа естелигинде 1993-2006-жылларда алып барылған қазыў жумысларының анализи тийкарында қәнигелер тәрепинен жаңа көзқараслардың қәлиплесиўине түртки болды.

    Өзбекстан - Франция биргеликтеги экспедициясы ағзалары М. Исомиддинов, Клод Рапен ҳәм де М.Ҳасанов тәрепинен усы ўақытқа шекем Көктепа ҳәм Афрасиябта табылған материалларды қайта анализ етиў арқалы Самарқанд қаласының қәлиплесиў дәўири 3000 жылға тең екенлиги ҳаққында пикир алға сүрилмекте. Атап өтилиўинше, бизиң эрамызға шекемги I мың жыллықтың басларында, яғный 3000 мың жыл бурын бул жерде қала ҳәкиминиң резиденциясы ҳәм ибадатхананы өз ишине алған ири қала қәлиплескен. Бул жағдай "Авесто"да тилге алынған "Гава Сугуда" ҳәм "Сугуд" түсиниклери менен үйлеседи. Онда "Гава Согуда" дийқаншылық аймағын, "Согуд" болса ҳәкимшилик орайды аңлатқан. Бул орай әйне Көктепе болғанлығы атап өтиледи. Эрамызға шекемги VII-VI әсирлерге келип Согдтың орайы ҳәзирги Афрасияб төбелиги орнына көшеди. Усы жылдың март айында Афросиёб естелигиниң бир неше орынларында, соның ишинде, арк ҳәм шәҳристан бөлиминде, яғный қорғаныў дийўалы жанында кең көлемли қазыў жумыслары алып барылды.

    Қазыўлар даўамында әййемги қорғаныў дийўалы тәбийғый лесс қатламы үстинде гүлак тәризли формадағы қам гербишлерден қурылғаны анықланды. Изертлеўлер нәтийжесинде бул дийўалдың батыс тәрепке қарай 22 метрге шекем даўам ететуғын жаңа бөлеги мәлим болды. Бул болса арктиң эрамызға шекемги VII-VI әсирлердеги архитектуралық режесине анықлықлар киргизиў имканиятын берди. Сондай-ақ, Арк аймағынан эрамыздан бурынғы VII-VI әсирлерден баслап XII әсирге шекемги дәўирлерге тийисли табылмалар шықты. Дийўал тийкарынан төменде жайласқан қатламлардан болса гүлал бөлеклери, ҳайўан сүйеклери ҳәм органикалық затларды өз ишине алган археологиялық материаллар анықланды. 7 метрден аслам тереңликте эрамыздан бурынғы VII-IV әсирлерге тийисли қурамалы қорғаныў системасы ашып үйренилди. Еки қазыўда анықланған археоботаникалық ҳәм археозоологиялық табылмалар таллаў ушын Франция, Германия ҳәм Япония лабораторияларына жиберилди. Ҳәзирги ўақытта олардың анализи әмелге асырылмақта. Усы ўақытқа шекем топланған илимий мағлыўматлар тийисли уйымлар, соның ишинде, Өзбекстан Илимлер академиясы, Мәдений мийрас агентлиги жанындағы илимий кеңеске жиберилип, олардың унамлы жуўмақлары алынды.

    Сессияда Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы, Самарқанд археология институты ҳәм халықаралық бирге ислесиўши шөлкемлер тәрепинен алып барылған изертлеўлердиң нәтийжелери бойынша Самарқанд қаласының дәслепки урбанизациясы бизиң ерамызға шекемги II мың жыллықтың ақыры ҳәм I мың жыллықтың басларына тийисли екенлиги ҳаққындағы презентация материалларын мағлыўмат ушын қабыл етиў, Афросиёб ҳәм Көктепа аймақларында алып барылған археологиялық қазыўлар нәтийжесинде табылған естеликлер, илимий мағлыўматлар ҳәм ҳүжжетлерди тийисли министрликлер ҳәм уйымларға усыныў бойынша қарар қабыл етилди.

    No date selected
    November 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates