"Дүньё" МАның хабар бериўинше, рәсмий мәресимнен соң болып өткен сөйлесиў ўақтында Өзбекстан ҳәм Бахрейн арасындағы еки тәреплеме бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары, сондай-ақ, халықаралық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер додаланды.
Бахрейн СИМ басшысы Абдулатиф бин Рошид аз-Заяний Өзбекстан Президенти басшылығында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды жоқары баҳалап, сыртқы сиясат ҳәм турақлы экономикалық өсиўди тәмийинлеў бағдарында салмақлы жетискенликлерге ерисилгенин атап өтти.
Еки мәмлекетти тарийхый байланыслар байланыстырып туратуғыны, туўысқан халықлар арасындағы қатнасықлар болса жоқары дәрежеде екени атап өтилди.
Өз-ара қатнасықларды барлық тараўларда беккемлеў ҳәм раўажландырыў бағдарындағы ҳәрекетлерге үлес қосыўға таярлық тастыйықланды.
Бахрейн сыртқы ислер министри ушырасыў жуўмағында Өзбекстан елшисине еки мәмлекет арасындағы өз-ара қатнасықларды беккемлеў бағдарындағы жуўапкершиликли жумысларына табыслар тиледи.