ИБШ Бас хаткери турақлы ўәкилдиң исеним жарлықларын қабыл етип, оны усы лаўазымға кирисиўи менен қутлықлады ҳәм жуўапкершиликли миссиясын әмелге асырыўда табыслар тиледи.
Ушырасыўда тәреплер Өзбекстан ҳәм ИБШ арасындағы бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективаларын додалады. Тәреплер, сондай-ақ, билимлендириў, жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм инновациялар сыяқлы әҳмийетли бағдарларда өз-ара бирге ислесиўди жеделлестириўден өз-ара мәпдар екенин билдирди.
Бас хаткер Өзбекстанның ислам цивилизациясы, илим ҳәм мәдениятының раўажланыўына қосқан салмақлы үлесин атап өтип, мәмлекетимиз тарийхый ислам дүньясының илимий ашылыўлар, философиялық пикирлеў ҳәм руўхый мийрас орайы болғанын айрықша атап өтти, деп хабар береди "Дунё" ХА.
Бүгинги күнде Өзбекстан ислам үммети бирлигин беккемлеў, турақлы раўажланыў, билимлендириў ҳәм мәдений мийрасты қәстерлеп сақлаўға қаратылған басламаларды алға қойыўда әҳмийетли роль атқарыўда даўам етип атырғаны, бул болса оны Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң мақсетлерин әмелге асырыўда тийкарғы шериклерден бирине айландырып атырғаны атап өтилди.
Еслетип өтемиз, Нодиржан Турғунов 2024-жыл март айында Өзбекстанның Саудия Арабстанындағы елшиси сыпатында Ар-Риёс қаласына келген еди.
Дипломат 2016-жылдан берли СИМ системасында. Өткен жыллар даўамында Сыртқы ислер министрлигиниң Консуллық-ҳуқықый департаментинде түрли лаўазымларда жумыс алып барды. Атап айтқанда, 2019-2021-жыллары Өзбекстанның Ақтаў қаласында (Қазақстан), 2021-2024-жыллары болса Жидда қаласында (Саудия Арабстаны) бас консулы болып ислеген.
Нодиржан Турғунов 2018-2024-жыллары Өзбекстанның Саудия Арабстанындағы елшиси ҳәм бас резиденциясы Жидда қаласында жайласқан Ислам бирге ислесиў шөлкеминдеги турақлы ўәкили лаўазымларында ислеген Улуғбек Мақсудовтың орнына тайынланды.