Өзбекстан, Әзербайжан, Аўғанстан, Қазақстан, Қырғызстан, Пакистан, Тәжикстан, Түркия ҳәм Түркменстаннан министрлер ҳәм жоқары лаўазымлы шахслардың қатнасыўынан тысқары, Оман ҳәм Ирақ Ишки ислер министрликлериниң ўәкиллери де мирәт етилген делегатлар сыпатында қатнасты.
Ишки ислер министриниң биринши орынбасары Аюбхон Раҳматуллаев басшылығындағы Өзбекстан делегациясы улыўма регионаллық машқалаларды шешиў ушын биргеликтеги қәўипсизлик механизмлерин ислеп шығыў ҳәм өз-ара мәлимлеме алмасыўды жолға қойыў бойынша басламаларды алға қойды.
Мәжилис қатнасыўшылары ЭБШ регионаллық ҳуқық қорғаў уйымларының бирге ислесиўи, соның ишинде, шөлкемлескен трансшегаралық жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм биргеликтеги ҳәрекетлер потенциалын беккемлеў илажлары ҳаққындағы есабатын көрип шықты.
Ушырасыў жуўмағында ағза мәмлекетлердиң ўәкиллери тәрепинен бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша улыўма механизмлер ҳәм қәдемлер баян етилген Тегеран декларациясы қабыл етилди.