Комитетти шөлкемлестириў басламасы 2023-жыл 9-ноябрьде Ташкентте болып өткен ЭБШның 16-саммитинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен алға қойылған.
Бул басламаны әмелге асырыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, ЭБШ Турақлы ўәкиллери кеңесиниң мәжилислеринде бул мәселе додаланған. Сондай-ақ, 2024-жыл 3-декабрь күни Иранның Машҳад қаласында өткерилген Економикалық бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер Сыртқы ислер министрлери кеңесиниң 28-мәжилиси күн тәртиби ҳәм "Машҳад коммюникеси"не киргизилди.
Өткерилген бир қатар сөйлесиўлер нәтийжесинде Экономикалық бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер, атап айтқанда, Иран, Түркия, Пакистан, Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Түркменстан, Тәжикстан тәрепинен мәмлекетимиз басшысының басламасы бир аўыздан қоллап-қуўатланды.
Туризм комитети баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, 2024-жыл 24-декабрь күни Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми Секретариатында болып өткен усы структураға ағза мәмлекетлердиң Турақлы ўәкиллери кеңесиниң 291-мәжилисинде усы комитетти шөлкемлестириў бойынша қарар қабыл етилди.




