"Ислам бирге ислесиў шөлкеми дүнья өзгериўи шараятында" сүрени астында өткерилген илажда ИБШға ағза мәмлекетлердиң сыртқы ислер министрлери, ИБШ басшылығы ҳәм структуралары, сондай-ақ, халықаралық шөлкемлер, илимий-изертлеў орайлары, дипломатиялық корпус ўәкиллери қатнасты.
Саммит даўамында ИБШ күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер додаланды, Стамбул декларациясы қабыл етилди.
Сессияның тийкарғы нәтийжелеринен бири, 2025-2028-жылларға мөлшерленген мүддетке ИБШ Инсан ҳуқықлары бойынша ғәрезсиз турақлы комиссиясының тоғыз жаңа ағзасының сайлаўы өткерилгенлиги болып табылады.
Даўыс бериў нәтийжелерине бола, Өзбекстан ўәкили - Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы директорының биринши орынбасары, профессор Мирзатилло Тиллабоев үш жыл мүддетке ИБШ Инсан ҳуқықлары бойынша бийғәрез турақлы комиссиясының ағзасы етип сайланды.
Бул ўақыя Өзбекстанның инсан ҳуқықлары тараўындағы халықаралық дипломатияда ийелеп атырған орны барған сайын артып атырғанын және бир мәрте тастыйықлайды. Мәмлекетимиздиң көп тәреплеме бирге ислесиў, ислам тилеклеслиги ҳәм тийкарғы еркинликлерди қорғаў принциплерине садықлығын көрсетеди.
Буннан тысқары, бул нәтийже Өзбекстанның инсан ҳуқықлары бойынша халықаралық институтлар менен өз-ара бирге ислесиўиндеги әҳмийетли басқыш болып, ИБШға ағза мәмлекетлердиң мәмлекетте әмелге асырылып атырған реформаларға болған исениминен дәрек береди.




