Бул илаж "Ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаўда санлы ҳәм интеллектуаллық технологиялардан пайдаланыў" темасына бағышланды. Ол Қытай, Малайзия, Египет ҳәм БМШтың "БМШ-Ҳаял-қызлар" ҳәм ЮНФПА структуралары менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Илажда БМШқа ағза мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлердиң жоқары мәртебели ўәкиллери, соның ишинде, Қытай делегациясының басшысы, Қытай Халық Республикасы Мәмлекетлик кеңеси жанындағы Балалар ҳәм ҳаял-қызлар ислери бойынша миллий жумысшы комитети баслығының орынбасары Линь И, Малайзияның БМШтағы турақлы ўәкили доктор Аҳмад Файсал Муҳаммад, Ҳаял-қызлар ислери бойынша миллий кеңес ағзасы, Ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен имканиятларын кеңейтиў бойынша Африка альянсының басшысы доктор Амани Асфур қутлықлаў сөзлери менен шығып сөйледи.

Биргеликтеги илаж жумысында "БМШ-Ҳаял-қызлар" структурасының атқарыўшы директоры Сима Бахус ҳәм БМШтың Халықтаныў қоры (ЮНФПА) атқарыўшы директорының орынбасары Диена Кейта қатнасты.

Тийкарғы сессия шеңберинде Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы директорының орынбасары Дилноза Муратова баянат жасады. Ол өзиниң шығып сөйлеген сөзинде санлы трансформация шараятында гендер теңликти алға қойыў, ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм олардың имканиятларын кеңейтиў бағдарындағы Өзбекстан тәжирийбесин усынды.

Атап айтқанда, Жаңа Өзбекстанда ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын тең ҳуқық ҳәм имканиятларды тәмийинлеў, ҳаял-қызлардың санлы саўатлылығын арттырыў, олардың инновациялар ҳәм технологиялар тараўындағы қатнасын кеңейтиў, сондай-ақ, санлы зорлық ҳәм кемситиўлердиң алдын алыўға қаратылған комплексли мәмлекетлик сиясат әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.

Өзбекстан ўәкили алгоритмли гендер өзгешелиги, санлы теңсизлик ҳәм онлайн мәкандағы зорлық сыяқлы санлы дәўирдиң қәўип-қәтерлерине қарсы гүресиўде халықаралық бирге ислесиўдиң әҳмийетли екенлигин атап өтти. Ҳаял-қызлардың әдил судлаўдан пайдаланыў имканиятын тәмийинлеў ушын нәтийжели ҳуқықый механизмлерди ислеп шығыў ҳәм заманагөй технологиялардан пайдаланыў зәрүр екенлигине итибар қаратылды.

Илаж шеңберинде қатнасыўшылар ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў, социаллық хызметлердиң сапасын арттырыў ҳәм ҳаял-қызлардың экономикалық имканиятларын кеңейтиў ушын жасалма интеллект, үлкен мағлыўматлар ҳәм басқа да санлы шешимлерден пайдаланыў бағдарындағы алдынғы халықаралық тәжирийбелер менен ортақласты.

Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы

Миллий орайы баспасөз хызмети.