Өзбекстанның жаңадан тайынланған елшиси Норвегия Патшасына исеним жарлықларын тапсырды

    Өзбекстанның Норвегиядағы жаңадан тайынланған елшиси (резиденциясы Стокголм қаласында жайласқан) Раҳматулла Нуримбетов 15-май күни усы мәмлекет Патшасы Харалд В ға исеним жарлықларын тапсырды.

    Мәресимнен соң болып өткен сөйлесиў ўақтында сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, технологиялық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда Өзбекстан-Норвегия қатнасықларының жағдайы ҳәм оны раўажландырыў перспективалары додаланды.

    Соның менен бирге, климат өзгериўи ақыбетлерине қарсы гүресиў, "жасыл" энергетиканы раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың жәмийеттеги ролин арттырыў сыяқлы әҳмийетли бағдарларда еки тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў ушын салмақлы потенциал бар екенлиги атап өтилди.