"Өзгерислер шынжыры: өтмиш жүгинен ҳәзирги мүтәжликлерге ҳәм улыўма келешекке қарай" темасында халықаралық әнжуман болып өтти

    Бүгин Ташкент қаласында мийнет ҳуқықларын қорғаў, жуўапкершиликли өндирис ҳәм тоқымашылық санаатында турақлы стандартларды енгизиўге бағышланған халықаралық әнжуман болып өтти.

    Илажда Олий Мажлис Сенатының Баслығы, Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм мүнәсип мийнет мәселелери бойынша миллий комиссияның баслығы Танзила Нарбаева қатнасты.

    Сенат Баслығы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде соңғы жыллары мәмлекетте барлық тараўларда терең ҳәм системалы реформалар әмелге асырылғаны, әсиресе, мийнет қатнасықлары ҳәм мәжбүрий мийнетти сапластырыў бағдарындағы өзгерислер тарийхый әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

    Әнжуманда «Better Cotton Initiative» тәрепинен 2024-2025-жылларда әмелге асырылған тийкарғы реформалар - сертификатлаў системасына толық өтиў, регенерациялық аўыл хожалығы стандартларының жаңа басқышқа көтерилиўи, BCIдиң жаңаланған лейблиниң енгизилиўи ҳәм Өзбекстан бойынша ғәрезсиз мониторинг нәтийжелери усынылды.

    Илажда атап өтилгениндей, өзбек пахтасына «Cotton Campaign» халықаралық коалициясы тәрепинен қолланылған бойкоттың бийкар етилиўи - Өзбекстанда әмелге асырылған кең көлемли реформалардың халықаралық көлемдеги ең ири тән алыныўларынан бири болып есапланады.

    Сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм халықаралық бирге ислесиўшилер арасындағы қатнасықлар "мониторинг ҳәм қадағалаў" басқышынан "толық исенимге тийкарланған шериклик" басқышына өткени айрықша атап өтилди.

    Мәмлекетте ҳәр жылы Мәмлекетлик мийнет инспекциясы, Кәсиплик аўқамлары Федерациясы, бийғәрез экспертлер ҳәм пуқаралық жәмийети шөлкемлериниң қатнасыўында кең көлемли мониторинг өткерилиўи даўам еттирилип атырғаны мәлим етилди.

    Сенат Баслығы Өзбекстанның BCI, халықаралық шөлкемлер, ири глобаллық брендлер ҳәм сертификатластырыў институтлары менен бирге ислесиўи избе-из кеңейип атырғанын атап өтти.

    Соның менен бирге, тараўда кең көлемли модернизация әмелге асырылғаны ҳәм кластерлер ушын жаңа имканиятлар жаратылғаны атап өтилди.

    Атап өтилгениндей, бул өзгерислер кластерлердиң "атыздан - таяр өнимге шекем" толық шынжыр тийкарында нәтийжели ислеўин тәмийинлеп, Өзбекстанның жәҳән базарына интеграциясын сезилерли дәрежеде күшейтпекте.

    BCI сертификаты Өзбекстан миллий тоқымашылық өнимлериниң жәҳән базарына кеңнен кирип барыўы ҳәм глобал брендлер менен бирге ислесиў имканиятларын және де арттырып атырғаны айрықша атап өтилди.

    Әнжуман жуўмағында қатнасыўшы тәреплер арасында Өз-ара түсинисиў меморандумы ҳәм келешектеги жумыслар ушын "жол картасы"на қол қойылды, деп хабар бермекте Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates