Мәжилис даўамында Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы парламентлераралық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, саўда-экономикалық, билимлендириў, аграр ҳәм гуманитарлық тараўларда аймақлараралық байланысларды кеңейтиў, сондай-ақ, еки мәмлекет арасындағы туристлик алмасыўды жеделлестириў мәселелери додаланды.
2025-жылдың январь-июль айларында Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы өз-ара саўда көлеми алдынғы жылға салыстырғанда 6,5 процентке артқаны атап өтилди. Өзбекстан экспорт көлеми 17 процентке артты.
Бүгин Өзбекстанда Россияның 14 жетекши жоқары билимлендириў мәкемесиниң филиаллары жумыс алып бармақта. Оларда 20 мыңнан аслам студент билим алмақта.
Шығып сөйлегенлер Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы парламент дипломатиясы бүгинги күнде стратегиялық шерикликтиң әҳмийетли бөлегине айланғанын, экономикалық ҳәм гуманитарлық байланысларды беккемлеў, мәдений алмасыў ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў зәрүрлигин атап өтти.
Мәжилисте аймақлараралық байланыслардың әҳмийетине айрықша итибар қаратылды. Татарстан, Башқуртстан, Москва, Самара ҳәм Ленинград ўәлаятлары мысалында аймақлараралық бирге ислесиў еки тәреплеме қатнасықлардың ҳәрекетлендириўши күши екени атап өтилди. Парламент ағзалары бул басламаларды нызамшылық тийкарында қоллап-қуўатлаў зәрүрлигин атап өтти.
Сондай-ақ, Россия базарына экологиялық таза аўыл хожалығы өнимлерин жеткерип бериў, транспорт-логистика системасын жетилистириў ҳәм фитосанитариялық талапларды әпиўайыластырыў тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Туристлик алмасыўды кеңейтиў, қоспа жойбарларды әмелге асырыў, транспорт ҳәм виза тәртиплерин әпиўайыластырыў сыяқлы мәселелерге итибар қаратылды.
Гуманитар тараўдағы бирге ислесиў - мәдений алмасыў, жаслар бағдарламалары ҳәм парламенттеги ҳаял-қызлар сөйлесиўин қоллап-қуўатлаў халықларымыз арасында дослық ҳәм өз-ара исенимди беккемлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди.
Мәжилис жуўмағында Комиссияның он биринши мәжилисин 2026-жылы Өзбекстанның әййемги ҳәм гөззал қаласы - Хийўа қаласында өткериў усыныс етилди.









