Парламентлераралық аўқамның юбилей 150-ассамблеясына таярлық жумыслары додаланды

    16 қаңтар 2025 157

    Сенатта Парламентлераралық аўқамның юбилей 150-ассамблеясын Ташкент қаласында өткериў бойынша шөлкемлестириў мәселелери бойынша Парламентлераралық аўқам секретариатының ўәкиллери менен онлайн сөйлесиў болып өтти.

    Жыл сайын Өзбекстанның Парламентлераралық аўқам менен бирге ислесиў байланыслары жаңа басқышқа көтерилмекте. Мәмлекетимиздиң дүнья жәмийетшилигиндеги абырайын және де арттырыў ҳәм беккемлеўде, еки ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм тереңлестириўде Парламентлераралық аўқам әҳмийетли платформа ўазыйпасын атқарып келмекте.

    Мәмлекетти турақлы раўажландырыў, социаллық-экономикалық реформаларды тереңлестириў, инсан ҳуқықлары ҳәм демократиялық қәдириятларды қорғаў, гендер теңликти тәмийинлеў, жасларды қоллап-қуўатлаў сыяқлы тийкарғы бағдарларда конструктивлик сөйлесиў даўам еттирилип, тығыз бирге ислесиў раўажланып бармақта.

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Парламентлераралық аўқамның юбилей 150-ассамблеясын 2025-жыл апрель айында Ташкентте өткериў ҳаққындағы басламасының бир аўыздан қоллап-қуўатланғаны дүнья жәмийетшилиги тәрепинен әҳмийетли ўақыя сыпатында тән алынбақта.

    Сөйлесиў даўамында Ассамблеяда 180 мәмлекет, 15 бақлаўшы мәмлекет ҳәм 25 тен аслам халықаралық ҳәм парламентлераралық шөлкемнен 2 мыңға шамалас делегатлардың қатнасыўы күтилип атырғаны атап өтилди.

    Сондай-ақ, Ассамблея шеңберинде ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелерине бағышланған арнаўлы илажды өткериў нәзерде тутылмақта.

    Бул арнаўлы илаждың өткерилиўи Өзбекстанның бул бағдарда ерискен үлкен жетискенликлери, 2025-жылы ПИдиң парламентлер ҳаял ағзалары форумының 40 жыллығы, ҳаял-қызлар жағдайы бойынша Пекин декларациясы қабыл етилгениниң 30 жыллығы ҳәм БМШ Қәўипсизлик Кеңесиниң Ҳаял-қызлар, тынышлық ҳәм қәўипсизлик ҳаққындағы күн тәртибиниң 25 жыллығы менен түсиндириледи.

    Сөйлесиў жуўмағында бул илажға пуқта таярлық көриў бойынша жумысшы топар мәжилислерин турақлы түрде өткерип барыўға келисип алынды, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.

    No date selected
    January 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates