Өзин ақлаған тәжирийбе бул: жаңаша көз-қарас, заманға сай идея ҳәм исенимли режелер ўатан раўажланыўы, халықтың абаданлығына байланыслы ҳәрекетлерди, әмелий нәтийжелерди белгилеп береди. Реже пуқта ҳәм анық болмаса, соған муўапық ҳәрекет ҳәм жумыс алып барылмаса, ҳәммеси ўайран болып кетиўи мүмкин. Ҳәр қандай мәселеге саналы қатнас жасаў, илим, санлы ҳәм "жасыл" экономиканы толық қәлиплестирип раўажландырыў, барлық тараў ҳәм бағдарда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди дурыс жолға қойыў - дәўир талабы. Буларсыз мәмлекеттиң раўажланыўы ҳаққында сөз айтыў бийкар.