Бул жағдай бойынша Өзбекстан Республикасының Израиль мәмлекетиндеги елшиханасы хабар бериўинше, қайтыс болған 62 жаслы Рустам Ғуломов Өзбекстанда туўылып өскен. 2017-жылы Өзбекстан Республикасы пуқаралығынан шыққан. Ол соңғы 14 жыл даўамында Израилда жасап, усы мәмлекет пуқаралығын алған.
Елшихана марҳумның шаңарақ ағзаларына ҳәм жақынларына терең қайғырыў менен кеўил билдиреди.
11-март жағдайына бола, елшиханаға Өзбекстан пуқараларының жарақатланғаны ҳаққында хабар келип түспеген.
Елшихана Израиль аймағындағы жағдай кескинлигинше қалып атырғанын есапқа алып, усы мәмлекетте ўақтынша жумыс ислеп атырған ямаса турақлы жасап атырған барлық ўатанласларымызды және бир мәрте ескертиў сигналларына итибарлы болыўға, өмири ҳәм денсаўлығын сақлаў ушын қәўипсизлик талаплары ҳәм қағыйдаларына қатаң әмел етиўге шақырады.