"Россия ҳәм Пакистан жетекшилери менен сөйлесиўлер ўақтында мен Иранның регионда тынышлыққа умтылыўын тастыйықладым. Сионистик режим ҳәм АҚШ тәрепинен басланған бул урысқа шек қойыўдың бирден-бир жолы - Иранның нызамлы ҳуқықларын тән алыў, репарация төлеў ҳәм келешектеги агрессияға қарсы қатаң халықаралық кепиллик бериў", деп жазған ол Х социаллық тармағында.
РИА Новости дерегиниң мәлим етиўинше, Тегеран ҳәзирги жағдайда Вашингтон менен сөйлесиўлер ҳаққында ойлап атырған жоқ, деп жазбақта ria.ru.