Өзбекстан ҳәм Пакистан: еки мәмлекет халықлары мәплерине байланыслы режелер жедел әмелге асырылады

    Өзбекстан ҳәм Пакистан арасындағы еки тәреплеме байланыслар турақлы раўажланып бармақта. Халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер шеңберинде жедел бирге ислесиў әмелге асырылмақта. Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди орынлаўда парламентлер де әҳмийетли орын тутпақта.

    Бул Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева ҳәм Пакистан Ислам Республикасының Өзбекстандағы Толық ҳуқықлы елшиси Аҳмад Фарук ушырасыўында атап өтилди.

    Тәреплер еки мәмлекет арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди тереңлестириўде әҳмийетли орын тутатуғын парламентлераралық байланысларды және де беккемлеў мәселелерине итибар қаратты.

    Саўда, экономика, инвестициялар, транспорт ҳәм туризм сыяқлы тийкарғы бағдарларда бирге ислесиўди кеңейтиў перспективаларына айрықша итибар қаратылды. Тәреплер усы тараўларда биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў экономикалық қатнасықларды беккемлеўге ҳәм өз-ара товар алмасыў көлемин арттырыўға хызмет ететуғынын атап өтти.

    Еки мәмлекет халықлары арасындағы дослық байланысларын беккемлеўге, олардың тарийхый-мәдений мийрасы менен танысыўға қаратылған биргеликтеги мәдений илажларды өткериў имканиятлары додаланғаны ушырасыўдың әҳмийетли тәрепи болды.

    Ушырасыў жуўмағында Өзбектан ҳәм Пакистан арасындағы бирге ислесиў және де беккемленетуғынына, еки мәмлекет халықлары мәплери жолында белгиленген режелер жедел әмелге асырылатуғынына исеним билдирилди.

    No date selected
    January 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates