Ушырасыўда балалар ҳуқықларын қорғаўдың ҳуқықый тийкарлары, бул бағдарда парламентлик қадағалаўдың нәтийжели әмелге асырылып атырғаны айрықша атап өтилди.
Қатнасыўшылар Өзбекстанда балалар ҳуқықларын тәмийинлеў бойынша беккем нызамшылық базасы жаратылғанын жоқары баҳалады. Атап айтқанда, "Бала ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында"ғы, "Билимлендириў ҳаққында"ғы және аймақта бирден-бир болған "Балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў ҳаққында"ғы нызамларды қабыл етиўге айрықша итибар қаратылды.
Балалардың ҳуқықларын қорғаў бойынша мәмлекетимиз тәжирийбеси, соның ишинде, Балалар ҳуқықлары бойынша ўәкилдиң ҳәр жылы парламентте балалардың жағдайы ҳәм нызамшылықтың жағдайы ҳаққындағы есабатын усыныўы басқа мәмлекетлер ушын үлги болып табылады.
Балалардың ҳуқықларын қорғаў тараўында халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиў, олар тәрепинен усыныс етилген илажларды әмелге асырыўда парламент, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлердиң белсене қатнасыўы бойынша да пикир алысылды.