Таиланд делегациясының сапары Ташкентте "Конституциялық реформалар ҳәм конституциялық қадағалаў институтын раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери" темасындағы халықаралық конференцияда қатнасыў, сондай-ақ, Азия конституциялық судлары ҳәм оларға теңлестирилген институтлар ассоциациясына басшылықты Таиланд Конституциялық судынан Өзбекстан Конституциялық судына өткериў мәресими шеңберинде болып өтпекте.
Сәўбетлесиў даўамында З.Низамхўжаев Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли демократиялық жаңаланыўлар, соның ишинде, сайлаў системасын жетилистириў, пуқаралардың сиясий ҳуқықларын беккемлеў илажлары ҳаққында ҳәр тәреплеме айтып берди. Кейинги жылларда сайлаў процесслериниң ашық-айдынлығын ҳәм әдиллигин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылып атырғанын атап өтти.
Сондай-ақ, ОСК басшысы конституциялық өзгерислердиң әҳмийети, олардың сайлаў системасының раўажланыўы ҳәм мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумысына унамлы тәсир ететуғынын атап өтти.
Өз гезегинде, Таиланд Патшалығы Конституциялық судының президенти Н.Мектраират Өзбекстанда демократиялық институтларды беккемлеў ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеўге қаратылған реформаларды жоқары баҳалады. Улыўма мақсет - сайлаўларда конституциялық принциплерге әмел етиў жолында бирлескен конституциялық судлар ҳәм сайлаў уйымларының өз-ара бирге ислесиўи әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Н.Мектраират Өзбекстан Орайлық сайлаў комиссиясы менен конструктивлик бирге ислесиўге таяр екенин билдирип, бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўден мәпдар екенин атап өтти.
Ушырасыўда Орайлық сайлаў комиссиясының ағзалары да қатнасты.



