Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң басында бул ушырасыўдан қуўанышлы екенин атап өтип, жасларды халқымыздың алтын фонды, деп атады.
Өзбекстан халқының 60 процентин жаслар қурайды. Ҳәр жылы мийнет базарына 600 мыңнан аслам жигит-қызлар кирип келмекте. 2030-жылға барып, бул көрсеткиш 1 миллионға жетеди.
Жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, умтылысларына шараят жаратыў мәмлекетимиздиң тийкарғы сиясатына айланған. Өткен 8 жылда жас исбилерменлердиң саны 3 есеге көбейип, олар бүгин бизнес ўәкиллериниң дерлик 40 процентин қурамақта.
Жумыссыз жаслар 2 есеге азайды. Жумыссызлықтан жырақ мәҳәллелердиң саны 1 мың 889 ға жетти. "Жаслар дәптери" арқалы өткен жылы 180 мың жасқа 345 миллиард сумлық жәрдем көрсетилди.
Бурын жоқары билимлендириўде бир орын ушын кеминде 10 бала гүрес алып баратуғын еди. Қысқа дәўирде жоқары оқыў орынларының саны 3 есеге арттырылғаны нәтийжесинде енди 42 процент жаслар қамтып алынбақта. Ҳаял-қызларға шәртнама төлеми мәмлекет тәрепинен қаплап берилип атырғаны есабынан, олардың саны 11 есеге көбейди.
Өз тараўларында табысқа ерисип атырған ул-қызлардың қатары барған сайын кеңеймекте. Бир ғана мысал - ҳәзирги ўақытта дүньяның абырайлы университетлеринде 1 мың 500 ден аслам студентлеримиз билим алмақта.
Алдынғы 25 жыл ишинде мәмлекет есабынан 800 жигит-қыз сырт елге оқыўға кеткен болса, тек ғана "Эл-юрт умиди" қоры арқалы кейинги 7 жылда 2 мың 300 ўатанласымыз усындай имканиятқа ийе болды.
Илимий дәрежели жас илимпазларымыздың саны да 2 есеге көбейип, 4 мыңнан асты. Китапқумарлық мәдениятын қәлиплестириў улыўма миллий ҳәрекетке айланды. Дәстүрий тәризде өткерилип атырған "Жас китапқумар" таңлаўының қатнасыўшыларының саны 3 миллионға жетти.
Әсиресе, перзентлеримиз арасында шет тиллерин үйрениўге қызығыўшылық кескин артты. Соңғы 3 жылда тил үйренип атырған жаслардың саны 2 миллионға жеткен болса, “IELTS” имтиханынан жоқары балл алғанлар 5 есеге көбейген.
Елимиздеги жаслар сиясаты халықаралық жәмийетшилик тәрепинен де тән алынбақта. Өзбекстан Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң "Жаслар - 2030" стратегиясын жедел әмелге асырып атырған 10 мәмлекет қатарынан орын алды.
Ушырасыўда Президент жаслар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаўға қаратылған 3 әҳмийетли ҳүжжетке қол қойғанын мәлим етти.
Биринши ҳүжжетке бола, Жаслар агентлиги жанында қор дүзилип, оған 100 миллион доллар қаржы ажыратылды. Енди исбилермен жасларға 2,5 миллиард сумға шекем жеңиллетилген кредитлер бериледи, стартап жойбарларына 2 миллиард сумға шекем инвестиция киргизиледи.
Екинши қарар менен, жоқары оқыў орны питкериўшилериниң бәнтлигин тәмийинлеў бойынша жаңа система жолға қойылады. Буның ушын Миллий банкке 100 миллион доллар қаратылып, олардың баслама ҳәм идеяларын жойбарға айландырыў бойынша банк хызметлери енгизиледи.
Сондай-ақ, питкериўшилерди жумыс пенен тәмийинлеў бойынша ҳәкимлер, банк ҳәм кәрхана басшыларынан ибарат комиссия дүзиледи.
Үшинши ҳүжжетке бола, Алоқабанк жаслардың бизнес жойбарларын қоллап-қуўатлайтуғын таяныш банкке айландырылып, оған 200 миллион доллар бериледи. Алоқабанк өзин-өзи бәнт еткен жаслардың жойбарлары ушын 100 миллион сумға шекем 7 жыл мүддетке жеңиллетилген микроқарыз ажыратады.
Сондай-ақ, жеке тәртиптеги исбилермен болған, кеминде 20 жасты жумысқа алып, киши кәрхана ашқан ҳәм оқыў орайын шөлкемлестирген жас исбилерменлерге 7 жыл мүддетке 5 миллиард сумға шекем жеңиллетилген кредит бериледи. Банк кредитлериниң кеминде 30 проценти ҳаял-қызлар исбилерменлиги ушын бағдарланады.
Бизге белгили, быйыл дерлик 5 миллион 200 мың халықты бәнт етиў мөлшерленген. Бунда жаслардың үлкен орны бар.
Мәселен, қыйтақ жер ҳәм атызынан нәтийжели пайдаланып, кеминде 100 миллион сум дәрамат алған жасларға әпиўайыластырылған тәртипте жер ажыратылады. Санаат ипотекасы арқалы таяр өндирис майданын алған жас исбилерменге жеңиллетилген шәртлерде үскенелер де алып бериледи. Хызмет көрсетиў тараўында жасларды жумысқа алып, кеминде 3 миллион сум айлық төлеген кәрханаларға социаллық салық 1 процент болады.
Креатив экономика тараўларында жумыс алып барып атырғанлардың 98 проценти жаслар. Өткен жылы бул бойынша нызам қабыл етилип, ҳуқықый тийкарлары белгиленди.
Енди аймақларда да креатив индустрия парклери қурылады. Олардың резидентлерине 2030-жылдың ақырына шекем жеңиллетилген салық режими қолланылады. Бул бағдарда бизнес мектеплери шөлкемлестирилип, бизнес жүргизиў ҳәм электрон коммерция сыяқлы хызмет көрсетиўдиң инновациялық усыллары үйретиледи.
Жумыс табыўда шет тиллерин билиў жүдә әҳмийетли. Соның ушын шетки аймақларда шет тиллерге қәнигелескен оқыў орайларын ашқан маман жасларға 120 миллион сумға шекем процентсиз ссуда бериледи. Сондай-ақ, жеке меншик оқыў орайларында шет тиллерин үйренетуғын жасларға төлемлери "2+6" ай түринде қаплап бериледи.
IТ тараўында "Бир миллион программист" жойбарына қосымша 300 мың жаслар тартылады. "Санлы социаллық экосистема"ны енгизиў бойынша узақ мүддетли стратегия ислеп шығылады.
Кәмбағаллықтан шығыўдың ең нәтийжели шешими де - бул билимлендириў. Соның ушын бундай шаңарақлардың перзенти процентсиз тәлим кредити, қосымша грант, шәртнама төлемине жәрдем арқалы оқыўға хошаметленеди. Билимге қуштар, бирақ шаңарақлық шараяты аўыр болған жасларды сырт елде оқытыў бойынша жаңа система - "Жарқын келешек" жойбары енгизиледи.
Жаслар агентлиги сырт елде оқып атырған ҳәр бир студентке бас-қас болады. Билимли жигит-қызлар дүньяның "Топ-100" жоқары оқыў орынларына жиберилип, оқыў ҳәм жасаў қәрежетлери қаплап бериледи. Сырт елде оқып келгенлер миллий кадрлар резервине киргизилип, мәмлекетлик уйымларға таңлаўсыз жумысқа алынады.
Буннан тысқары, рейтинги жоқары халықаралық университетлерде илимий дәреже алған 35 жасқа шекемги жас илимпазларға турақ жай ушын 10 жыл мүддетке 800 миллион сумға шекем процентсиз ссуда ажыратылады. Абырайлы халықаралық пән олимпиадаларында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болғанлар ушын бир мәртелик ақшалай сыйлық муғдары 5 есеге арттырылады.
Энергетика, транспорт, урбанизация, заманагөй архитектура, медицина бағдарларында "Эл-юрт умиди" қорының квоталары көбейтиледи. Әскерий билимлендириў мәкемелериниң үлгили тыңлаўшылары ушын "Жоқары бас сәркарда" мәмлекетлик стипендиясы енгизиледи.
Келеси оқыў жылынан баслап оқыўшылар арасында инженерлик олимпиадалары ҳәм таңлаўлар өткериў жолға қойылады. Жеңимпаз болған питкериўши жаслар техника жоқары оқыў орынларына грант тийкарында оқыўға киреди.
Мәжилисте жас әўладта миллий руўхыйлықты қәлиплестириў, идеологиялық ҳүжимлер ҳәм зыянлы мәлимлемелерден сақлаў мәселелерине де тоқтап өтилди. Тәрбиясы аўыр балаларға айрықша меҳир-итибар көрсетиў, турмыста өз орнын табыўына жәрдемлесиў зәрүр екенлиги айтылды.
Ўатан сүйиўшилик сезимин күшейтиў мақсетинде 10-11-класс оқыўшылары арасында "Ўатан таянышы" ҳәрекети басланды. Оған 300 мыңнан аслам жаслар қамтып алынды.
Енди бул ҳәрекет кәсип-өнер мектеби, техникум ҳәм жеке меншик билимлендириў шөлкемлеринде де жолға қойылып, 1 миллион оқыўшы қамтып алынады. Олар арасында түрли таңлаў ҳәм жарыслар шөлкемлестириледи. Сондай-ақ, мәҳәллелерде "Жигерлилик ҳәм ғайрат" спорт ойынлары өткериледи. Жеңимпаз мәҳәллелерге спорт имараты қурылып, инвентарлар менен тәмийинленеди. "Ўатан таянышы" ҳәм "Мәртлик ҳәм ғайрат" жарысларының жеңимпазларына әскерий билимлендириў мәкемелерине кириў ушын усыныс бериледи.
Сөйлесиўде шығып сөйлегенлер бул реже ҳәм басламалар жаслар ушын және де кең имканиятлар жарататуғынын, олардың арзыў-нийетлерине хошаметлеўши күш болатуғынын атап өтти.
Мәмлекетимиз басшысы жаслардың усынысларын мақуллап, оларды бәрқулла қоллап-қуўатлаўға таяр екенин билдирди.