- Соңғы тоғыз жылда сизлер менен, халқымыз бенен бирге үлкен раўажланыў жолын басып өттик. Экономикамыз жаңа сапаға ийе болды, базар қатнасықларын кеңейттик, социаллық қорғаўды күшейттик, нызам үстинлигин беккемледик. Ең әҳмийетлиси, реформалардың нәтийжелери бүгин ҳәр бир мәҳәлле, ҳәр бир шаңарақ, ҳәр бир инсанның күнделикли турмысында сезилмекте, - деди мәмлекетимиз басшысы сөзиниң басында.
Қаншелли қыйын болмасын, демократиялық реформалар избе-из ҳәм исенимли даўам еттирилди. Халқымыздың қоллап-қуўатлаўы, жасларымыздың күш-ғайраты, мәҳәллениң жәмийетлик турмыстағы орнын беккемлеў, адамлардың сана-сезими ҳәм дүньяға көзқарасын өзгертиў, исбилерменлер, дийқан ҳәм фермерлер, сондай-ақ, өз-ара пайдалы бирге ислесиўге тийкарланған дослық сыртқы сиясат тийкарында 2025-жылы барлық тараўларда салмақлы жетискенликлерге ерисилди.
Мәмлекетимиз тарийхында биринши мәрте жалпы ишки өним 145 миллиард доллардан артты. Усы жылы экспорт 23 процентке өсип, 33,4 миллиард долларға жететуғыны атап өтилди. Алтын-валюта резервлери биринши мәрте 60 миллиард доллардан артты.
Экономикаға тартылған сырт ел инвестицияларының көлеми 43,1 миллиард долларға жетти. Инвестициялардың жалпы ишки өнимдеги үлеси 31,9 процентти қурайды. Жетекши халықаралық рейтинг агентликлери мәмлекетимиздиң суверен рейтингин "ВВ-" дәрежесинен "ВВ" дәрежесине көтерди.
Энергетикадағы үлкен өзгерислер себепли электр ислеп шығарыў көлеми 85 миллиард киловатт саатқа жеткерилди.
Усы жылы 188 мәҳәлледе 715 мың халық биринши мәрте таза ишимлик суўы менен тәмийинленди, 2 миллион 300 мыңға шамалас халықтың суў тәмийнаты жақсыланды.
Усы жылы 5 миллион халық турақлы дәрамат пенен тәмийинленди, жумыссызлық дәрежеси 5,5 проценттен 4,9 процентке азайды. 1,5 миллионға шамалас жәрдемге мүтәж пуқара кәмбағаллықтан шығып, биринши мәрте 1 мың 435 мәҳәлле "кәмбағаллықтан жырақ аймақ"қа айланды.
Кем тәмийинленген шаңарақлардың 168 мың баласы жеңиллетилген тийкарда мәмлекетлик бақшаларға қабыл етилди. Быйылдан баслап 208 бақшаға биринши мәрте инклюзив билимлендириў системасы енгизилди.
Елимизде кәмбағаллық дәрежеси жыл басындағы 8,9 проценттен 5,8 процентке азайды.
- Бул жумысларды баслағанымызда халықтың үштен бир бөлеги кәмбағаллық шегарасында жасайтуғын еди. 100 ден аслам хызмет түрлери - кредит, субсидия, компенсация арқалы социаллық қорғаўдың принципиаллық жақтан жаңа системасын иске қосып, оларды тиккелей мәҳәлледеги "жетилик"ке жеткерип бериў арқалы 8 миллион 500 мыңнан аслам халықты кәмбағаллықтан шығарыўға, жумыссызлықты 2 есеге азайтыўға еристик.
Нәтийжеде 2026-жылдың ақырына шекем кәмбағаллықты еки есеге қысқартыў мақсетине усы жылдың өзинде еристик, - деди Президент.
Қәбилетли жаслар билимлендириў, илим, мәденият, көркем өнер, спорт ҳәм басқа да тараўларда үлкен жетискенликлерге ерисип, Жаңа Өзбекстанның раўажланыўына мүнәсип үлес қосып атырғаны атап өтилди.
Кейинги ўақытта мәмлекетимиз глобаллық мәселелер додаланатуғын халықаралық майданға айланбақта.
Атап айтқанда, быйыл Өзбекстан Парламентлераралық аўқамның 150 жыллық Ассамблеясы, ЮНЕСКО Бас конференциясының сессиясы, "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" саммити ҳәм Халықаралық климат форумына басшылық етти.
Сондай-ақ, март айында Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм Қырғызстан жетекшилериниң Хожендтеги ушырасыўында биринши мәрте үш мәмлекет мәмлекет шегараларының тутасқан ноқаты ҳаққында тарийхый шәртнамаға қол қойылғаны ҳәм "Мәңги дослық ҳаққында декларация" қабыл етилгени атап өтилди.
Жақында Ташкентте болып өткен регион мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўында интеграция процесслерин сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў ушын стратегиялық формат - Орайлық Азия шериклигин жаратыў идеясы алға қойылған еди. Әзербайжанның Орайлық Азия форматына толық ҳуқықлы ағза сыпатында қабыл етилиўи ҳаққындағы қарар тарийхый әҳмийетке ийе болды.
Президенттиң сөзлерине бола, бул қәдем, әлбетте, Орайлық Азия ҳәм Қубла Кавказ арасындағы стратегиялық өз-ара байланыслылық ҳәм турақлылықты беккемлейди.
Октябрь айында Брюсселде Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасында кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойылды. Ноябрь айында болып өткен "Орайлық Азия - АҚШ" саммити көп тәреплеме ҳәм узақ мүддетли шерикликти принципиаллық жақтан жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етти. Өткен ҳәптеде Токио қаласында болып өткен "Орайлық Азия - Япония" жетекшилериниң ушырасыўында билимлендириў, медицина, санлы технологиялар, инфраструктура ҳәм санаат тараўлары бойынша әҳмийетли келисимлерге ерисилди.
Усы ҳәптениң басында Санкт-Петербург қаласында Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы мәмлекетлериниң басшылары менен ушырасыў болып өтти, онда бирге ислесиўдиң жаңа бағдарлары белгилеп берилди.
- Булардың барлығы халықаралық байланысларымызды жаңа мазмунлы басқышқа алып шықпақта. Биз жақын ҳәм узақ сырт еллер менен - Шығыс ҳәм Батыс, Арқа ҳәм Қубла арасында бирге ислесиў көпирлерин қурыўды даўам еттиремиз, - деди Президент.
Мәҳәлле ҳәм жақсы қоңсышылық бир-бирин толықтыратуғын, социаллық капиталды беккемлеўге шексиз үлес қосатуғын қәдириятлар екени атап өтилди.
Социологиялық сораўлар қатнасыўшыларының 90 проценти өзин мәҳәллениң бир бөлеги деп есаплайтуғыны Ўатан тәғдирине байланыслылықтың жоқары дәрежесин тастыйықлайды ҳәм бул институт, бәринен бурын, социаллық тилеклеслик дәреги екенин көрсетеди.
- Тарийхымызда қаншелли аўыр сынақлар болмасын, биз бәрқулла аўызбиршиликтен күш алғанбыз. Қыйын күнлерде адамлар, мәҳәлле бир-бирине сүйениш болып, қыйыншылықларды биргеликте жеңип өтти. Шаңарақ шаңараққа, қоңсы қоңсыға жәрдем берди. Биз бәрқулла мине усы бийбаҳа қәдириятқа садық қалыўымыз, жасларды мине усындай руўхта тәрбиялаўымыз керек.
Жәмийетте ҳәр қыйлы пикир ҳәм көзқараслардың болыўы тәбийғый - бул демократияның тийкарғы талапларынан бири.
Бирақ 38 миллионлық халқымызды тили, миллети ҳәм динине қарамастан, бирлестирип туратуғын бир уллы идея бар. Бул - Ўатанымыздың, халқымыздың мәпи.
Бул уллы мақсетке ерисиўде болса мәҳәллениң орны ҳәм тәсири шексиз. Себеби мәҳәлле тыныш ҳәм татыў болса, жәмиет те тыныш ҳәм татыў болады. Мәҳәлле раўажланса, пүткил елимиз раўажланады, - деди Президент.
Мәмлекетимиз басшысы усыларды есапқа алып, 2026-жылды елимизде "Мәҳәлле ҳәм пүткил жәмийетти раўажландырыў жылы" деп жәриялаўды усыныс етти.
Жыйналғанлар бул басламаны қызғын қоллап-қуўатлады.
Жаңа жыл бағдарламасында елимиздеги 9 мыңнан аслам мәҳәллени, бәринен бурын, мийрим-шәпәәт, аўызбиршилик, әдиллик ҳәм тәрбия мәканына айландырыў сыяқлы әҳмийетли ўазыйпалар өз көринисин табады.
- Биз Жаңа Өзбекстанды қурыўдың шешиўши басқышына қәдем қоймақтамыз. Алдымызда турған жумыслар ҳәр бир тараў ҳәм тармақ бағдарында терең трансформацияны талап етеди.
Мақсетимиз анық: жақын жылларда дәраматы орташа көрсеткиштен жоқары болған мәмлекетлер қатарына кириў.
Ферғана ойпатлығынан Аралбойына шекем, Зарафшан ойпатлығынан Қашқадәрья ҳәм Сурхандәрьяға шекем, Ташкенттен Жиззақ ҳәм Сырдәрьяға шекем - ҳәр бир пуқарамыз қай жерде жасамасын, бүгиннен баслап реформалардың нәтийжесин күнделикли турмысында және де айқын сезиўи керек.
Соның ушын кирип киятырған 2026-жыл мәмлекетлик басқарыў, суд-ҳуқық системасы, экономика тармақлары, билимлендириў, илим, медицина, мәденият, спорт, экология - барлық тараўлардың раўажланыўында бурылыс жылы болады, - деп атап өтти Президент.
Мәмлекетимиз басшысы 2026-жылға мөлшерленген тийкарғы бағдарларға айрықша тоқтап өтти.
Биринши тийкарғы бағдар - мәҳәллелер инфраструктурасын буннан былай да жақсылаў, оларға Жаңа Өзбекстанның заманагөй көринисин бериў.
Аймақларды комплексли раўажландырыў, олардың сыртқы көринисин жақсылаў ҳәм абаданластырыў жумыслары даўам еттириледи.
Келеси жылдан мәҳәллени комплексли раўажландырыў жолға қойылады. Урбанизация ҳәм қалаларды турақлы раўажландырыў тараўында жаңа реформалар басланады.
Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў сиясаты даўам еттириледи: 2026-жылы да тийкарғы салық ставкалары өзгериссиз қалады, исбилерменлик инфраструктурасы жойбарларына 10 триллион сумнан аслам қаржы қаратылады. Киши ҳәм орта бизнести раўажландырыў ушын 140 триллион сум, соннан ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың исбилерменлигин қоллап-қуўатлаўға 43 триллион сум ресурс ажыратылады.
Екинши тийкарғы бағдар - экономиканы технологиялық ҳәм инновациялық өсиў моделине өткериў.
Буннан былай ҳәр бир доллар инвестиция, бәринен бурын, алдынғы технологиялар трансфери, сыртқы базары анық белгиленген, жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў, энергия, суў, жер ҳәм басқа да тәбийғый ресурслардан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў, жергиликли хызметкерлерди жаңа технологиялар менен ислеўге үйретиў ҳәм мийнет өнимдарлығын арттырыўға хызмет етиўи керек екенлиги атап өтилди.
Жаңа технологиялық басқышқа өтиў ҳәм қосымша қун шынжырларын кеңейтиў бойынша санаатты раўажландырыў бағдарламасы иске қосылады. 2026-жылы улыўма баҳасы 52 миллиард доллар болған 782 жаңа санаат ҳәм инфраструктура жойбарлары иске қосылады. Келеси жылдың өзинде 14 миллиард долларлық 228 жаңа ири қуўатлық иске қосылады.
Келеси жылы экономиканың өсиўи 6,6 процентти, жалпы ишки өним 167 миллиард долларды қурайтуғыны прогноз етилмекте.
Инновация тийкарында жоқары технологиялық өнимлер ислеп шығаратуғын кәрханалар хошаметленеди. Кәрхана қәнигелериниң илимий-изертлеў ҳәм коньструкторлық жумыслардан алған дәраматлары салықтан азат етиледи.
Келеси жылы Ташкент қаласы, Бухара, Ферғана ҳәм Ташкент ўәлаятларында 4 дата-орай, 2 суперкомпьютер, 15 жоқары оқыў орнында жасалма интеллект лабораториялары шөлкемлестириледи. Бул медицина, транспорт, аўыл хожалығы, геология, банк-финанс системасы, жәмийетлик қәўипсизлик сыяқлы әҳмийетли тараўларда 100 ден аслам АИ жойбарларын әмелге асырыў имканиятын береди.
- Бүгин сизлерге және бир әҳмийетли жаңалық айтпақшыман. Ғәрезсиз Өзбекстан тарийхында биринши мәрте жасалма жолдасты космосқа ушырыў ҳәм биринши өзбекстанлы космонавт - мәмлекетимиз пуқарасын космосқа пәрўазға таярлаў жумысларын басладық, -деди Президент.
Үшинши тийкарғы бағдар - ишки базарда талапты хошаметлеў.
Тоғыз жылда қолайлы бизнес орталығы жаратылды, товар ҳәм хызметлердиң көлеми ҳәм түри артты. Кем тәмийинленген шаңарақларға ҳәр жылы кеминде 1 миллиард доллар муғдарында арзан кредитлер берилиўи нәтийжесинде инфляция "бир санлы" дәрежеге түсирилди, халықтың сатып алыў қәбилети 2 есеге артты.
Халықтың талабынан келип шығып, 2026-жылы экономиканың ең талапшаң қуралы болған ипотека ушын 23 триллион сум ресурс ажыратылады. Турақ жай сатып алыўда дәслепки төлем ҳәм процент төлемлериниң бир бөлегин субсидиялаўға 2 триллион 700 миллиард сум қаратылады. Буннан тысқары, бир квартира ушын жеңиллетилген ипотека кредити муғдары 15 процентке арттырылады.
Хызметлерге талапты хошаметлеў ушын 2026-жылы тараўға 85 триллион сум кредит ҳәм 9 триллион сум субсидия бериледи. Атап айтқанда, билимлендириў хызметлерине бюджеттен 7 триллион сум ажыратылады.
Бес жылда сырт елли туристлердиң санын 2 есеге арттырыў, туризм хызметлериниң көлемин 20 миллиард долларға жеткериў бойынша үлкен мақсет қойылды. Усы мақсетте туризм инфраструктурасын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылады.
Туристлер ағымының көбейип атырғаны авиация ҳәм темир жолда тасыў имканиятларын еки есеге арттырыўды талап етпекте. Соның ушын 2026-жылы авиапарктеги ҳаўа кемелериниң саны 120 ға жеткериледи.
Ишки темир жол тармағын раўажландырыў бойынша бес жыллық бағдарлама қабыл етиледи. Қалаларды тезжүрер поездлар менен байланыстырыў ушын 2026-жылдан және 500 километр темир жол қурыў басланады. Сондай-ақ, автомобиль жолларының сапасын жақсылаў ҳәм транзит потенциалын буннан былай да арттырыў бойынша бес жыллық бағдарлама әмелге асырылады.
Төртинши тийкарғы бағдар - кәсиплерди раўажландырыў ҳәм мийнет базарының жаңа архитектурасын қәлиплестириў.
Бүгинги күнде дүньяда жаңа технологиялар, санластырыў ҳәм жасалма интеллект тәсиринде жумыс орынларының саны, түри ҳәм мазмуны кескин өзгермекте. Келеси бес жылда бар кәсиплердиң 30 проценти толық автоматластырылады, 50 процент жаңа көнликпелерди қәлиплестириў талап етиледи.
- Енди мәмлекетимиздиң мийнет базары пүткиллей жаңа архитектура тийкарында - кәсип, маманлық, технология ҳәм билимлендириўди бирлестиретуғын бирден-бир механизм сыпатында ислеўи керек,ь-деди Президент.
2026-жылдан баслап ҳәр жылы кеминде 100 техникум капитал оңланып, технологиялық ҳәм талап жоқары болған кәсиплер бойынша үскенеленеди. Германия, Швейцария, Уллы Британия, Қытай, Корея ҳәм басқа да мәмлекетлердиң алдынғы билимлендириў бағдарламалары енгизилген техникумлардың саны 100 ге жеткериледи.
2026-жылы 7 аймақта, 2027-жылы қалған аймақларда Жоқары профессионал шеберлик техникумы ҳәм Кәсиплер қалашасы жумыс баслайды.
Денсаўлықты сақлаў системасында профессионал билимлендириўди раўажландырыў ушын Уллы Британияның "Пирсон" компаниясы менен биргеликте ҳәр бир аймақтағы биреўден техникумда халықаралық стандартлар тийкарында мийирбийкелер таярлаў жолға қойылды. Енди бул техникумларда Германия, Швейцария, АҚШ, Япония ҳәм басқа да мәмлекетлердиң билимлендириў бағдарламалары да енгизиледи.
Сол тийкарда халықаралық талапларға жуўап беретуғын, шет тиллерин билетуғын мийирбийкелер корпусы қәлиплестириледи.
Бесинши тийкарғы бағдар - экологиялық теңсалмақлылықты тәмийинлеў, "жасыл" энергетиканы раўажландырыў ҳәм суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў.
Ири кәрханалар ушын фильтр, тазалаў ҳәм зыянлы газ мониторинги станцияларын орнатыў ушын 100 миллион доллар кредит линиясы ашылады.
Қалалардағы тығылыслар адамлардың турмысын қыйынластырып ғана қоймастан, экологияға да үлкен зыян келтирип атырғаны атап өтилди. Соның ушын жәҳән тәжирийбесинен келип шығып, автомобиллер ушын зыянлы шығындылар дәрежесине қарап экологиялық стикерлер системасы енгизиледи.
Пайтахт, ўәлаят орайлары ҳәм қалаларға ҳаўаға жоқары шығынды шығаратуғын автомобиллердиң кириўи шекленеди. Бундай транспортты алмастырыў ямаса фильтр орнатыў ушын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў илажлары нәзерде тутылады.
Ески машинаны алмастырмақшы болғанларға автокредит процентиниң бир бөлеги қаплап бериледи. Фильтр орнатып, зыянды азайтыўға таяр болған айдаўшыларға қәрежеттиң бир бөлегине субсидия бериледи.
Ташкент қаласы ҳәм ири қалаларда жәмиетлик транспортты раўажландырыў тийкарғы ўазыйпа болады.
Экологиялық автомобиллердиң үлесин көбейтиў бойынша бес жыллық бағдарлама әмелге асырылады. Сондай-ақ, жергиликли электромобиллер ушын 12 процентлик, импорт автомобиллер ушын 16 процентлик автокредитлер бериледи.
Қуўатлаў станцияларын шөлкемлестириў ушын исбилерменлерге 10 процентлик жеңиллетилген кредитлер ажыратылады, жерлерди аукцион арқалы 2 есеге арзан сатып алыў имканияты жаратылады.
Қуўатлаў станцияларында электр энергиясының 1 киловатт-саатына 300 сумнан артқан бөлеги мәмлекетлик бюджет есабынан қаплап бериледи. Электромобиллерде такси хызметин көрсететуғын пуқараларға да бир қатар жеңилликлер бериледи.
Шаң боранларының алдын алыў мақсетинде Сурхандәрьяда 10 мың гектарда "жасыл белбеў", Сырдәрьяда 84 километр "жасыл дийўал" жаратылады. Қарақалпақстан, Хорезм, Бухара ҳәм Наўайыда 250 мың гектар, соның ишинде, Арал теңизиниң қурыған ултанында 115 мың гектар майдан көклемзарластырылады. Ҳәр бир аймақта ботаника ҳәм дендрология бағлары, 20 данадан саяманлы көшелер шөлкемлестириледи.
Улыўма, экология тараўына 2026-жылы 1 триллион 900 миллиард сум қаратылады.
2026-жылы суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў илажларына 3 триллион 300 миллиард сум қаратылады.
Сондай-ақ, 1 мың 300 километр ири магистраль каналлар бетонланып, жылына қосымша 500 миллион куб метр суў үнемленеди. Сондай-ақ, жергиликли ашық дренаж ҳәм коллекторларды жабық системаға өткериў бойынша өз алдына бағдарлама қабыл етиледи. Каналларды жабық системаға өткериў бойынша ири жойбарлар да басланады.
160 миллион долларлық үлкен бағдарлама шеңберинде Ташкент қаласында 150 километр жабық дренаж системасы жаратылады, 197 километр канал ҳәм коллекторлар оңланады, 63 километр жаңа каналлар қурылады ҳәм қалада салқын ықлым қәлиплеседи.
Алтыншы тийкарғы бағдар - заманагөй мәмлекетлик басқарыў ҳәм әдил суд-ҳуқық системасын жаратыў бойынша реформаларды даўам еттириў.
Бәринен бурын, 2026-жылдан "Электрон ҳүкимет" платформасы толық жаңаланады.
Келешекте мыңнан аслам мәмлекетлик хызметлер, 5 мыңнан аслам функция ҳәм ўазыйпалар, 240 мағлыўматлар базасы ҳәм мәлимлеме системалары, мәҳәлле, район, ўәлаят ҳәм республика дәрежесиндеги 100 мыңнан аслам мәмлекетлик хызметкерлердиң ўәкилликлери Бирден-бир санлы платформаға интеграцияланады.
- Ең әҳмийетлиси, коррупция ҳәм артықша бюрократиядан жырақ, инсан факторысыз мәмлекетлик хызметлер көрсетиў экосистемасын жаратамыз. Проактив ҳәм комплексли мәмлекетлик хызметлер системасын раўажландырамыз, - деди Президент.
Буннан былай мәмлекетлик сатып алыўларда товарлар, жумыслар ҳәм хызметлерди тиккелей сатып алыў жағдайлары тек ғана нызам менен белгиленеди.
Конституциялық реформалар шеңберинде ўәлаят ҳәкимлери ҳәм жергиликли кеңеслердиң баслықлары лаўазымлары ажыратылды. Енди бул система 2026-жылдан 208 район ҳәм қалада да енгизиледи.
Президентимиз реформалардың нәтийжелилигин тәмийинлеўде пуқаралық жәмийети институтларының орны әҳмийетли екенлигин атап өтти. Соның ушын оларды қоллап-қуўатлаў сиясаты даўам еттириледи. Атап айтқанда, пуқаралық жәмийетин раўажландырыў бойынша бес жыллық стратегия ислеп шығылады.
- Тәкирарлап айтаман: кең көлемли жаңаланыўлар дәўиринде биз ашық-айдынлық сиясатынан ҳеш қашан артқа қайтпаймыз. Сөз ҳәм баспасөз еркинлигин тәмийинлеў буннан былай да тийкарғы ўазыйпамыз болып қалады, - деди Президент.
Суд-ҳуқық системасын халыққа жақынластырыў жумыслары избе-из даўам еттириледи.
Әдил судлаўды әмелге асырыўда жәмиечиликтиң рольи ҳәм қатнасы және де кеңейтилетуғыны атап өтилди. Англо-саксон ҳуқықы мәмлекетлеринде унамлы нәтийже берген механизм - жынаят процесине басқышпа-басқыш "жалшылар" институты енгизиледи.
Наркологиялық жынаятшылыққа қарсы гүресиў улыўма миллий ҳәрекетке айландырылады, жәмийетте бул иллетке маўасасызлық орталығы қәлиплестириледи.
Бундай унамсыз жағдайларға шек қойыў ушын барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм кең жәмийетшиликти мобилизациялап, ҳаял-қызлар ҳәм балаларға зорлықтың алдын алыў бойынша нәтийжели система жаратыў ўазыйпасы қойылды.
- Коррупция - мәмлекеттиң раўажланыўына тосқынлық ететуғын, әдиллик ҳәм нызам үстинлигине зыян келтиретуғын, жәмийетте исеним орталығын төменлететуғын ең үлкен қәўип. Коррупцияға жол қойыў - реформаларымызға қыянет!
2026-жылы бул иллетке қарсы гүресиў бойынша "айрықша жағдай" жәриялаймыз, -деди мәмлекетимиз басшысы.
Барлық уйымларда комплаенс ҳәм ишки коррупцияға қарсы қадағалаў бойынша басшының орынбасары лаўазымы енгизиледи. Есап палатасы ўәкилиниң жумысы жолға қойылады. Мәмлекет қаржылары ҳәм ресурсларының ҳәр бир сумы ушын жеке жуўапкершилик күшейтиледи.
Дүньяда геосиясий ҳәм экономикалық қәўип-қәтерлер күшейип атырған бир ўақытта барлық мәмлекетлер менен тең ҳуқықлы ҳәм конструктивлик қатнасықларды және де беккемлеў, тең салмақлы ашық сыртқы сиясат жүргизиў бойынша жумыслар даўам еттирилетуғыны атап өтилди. Абырайлы халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер, экономикалық институтлар менен бирге ислесиў жаңа басқышқа алып шығылады.
- Ерисилген үлкен нәтийжелер ҳәм жаңа тийкарғы ўазыйпалар "Өзбекстан - 2030" стратегиясын қайта көрип шығыўды талап етпекте. Мәмлекетимиздиң келеси бес жылдағы раўажланыўын белгилеп беретуғын бул ҳүжжет кең жәмийетшиликтиң додалаўына қойылып, халықтың пикир-усынысларын есапқа алған ҳалда жетилистириледи, -деди Президент.
Келеси жылы социаллық-мәдений турмыстың әҳмийетли сәнелери кеңнен белгилениўи атап өтилди. Атап айтқанда, Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы үлкен байрам сыпатында белгиленеди. Сондай-ақ, Саҳыпқыран Әмир Темур ҳәм Әлийшер Наўайының юбилей сәнелерине таярлықты ҳәзирден баслаў зәрүр екенлиги атап өтилди.
- Бүгин тарийхтың өзи, турмыстың өзи бизлерге үлкен жуўапкершилик жүклемекте. Ўатанымыз жаңаша сиясий-ҳуқықый, социаллық ҳәм руўхий қатнасықлар тийкарында жасайтуғын ҳәм мийнет ететуғын, еркин пикирлейтуғын, азат ҳәм еркин инсанлар мәмлекетине айланбақта.
Бәршемиз бир жағадан бас шығарып, бирден-бир халық болып ҳәрекет етсек, гөзлеген үлкен мақсетлеримизге әлбетте жетемиз! Мен мәрт ҳәм уллы халқымызға исенемен! Мен Өзбекстанның шексиз күшине ҳәм имканиятларына, жасларымыздың күш-ғайратына исенемен! - деди Президент Мүрәжат соңында.