Илажда еки мәмлекеттиң 300 ден аслам жетекши санаат кәрханалары ҳәм саўда компаниялары, тармақ шөлкемлери ҳәм исбилерменлик структураларының басшылары ҳәм ўәкиллери қатнасты.

Пакистан бизнеси EL, Waves Singer, Sadaqat, Fauji, Platinum, Fast Cables, National Fruit, Amson Group, Shaigan, Hans International, Secure Logistics Group, NLC, Fairmont, Go Dairy, Engro, Herbion, AGP, Arco, Habib Rafiq, Pakistan Steel Mills, Siddiq Sons, Uniworth, Diners, Fatima Group, Fateh Group, Hub Leather, Siddiq Leather, Royal Leather, Davis, Ahsan Dyeing ҳәм басқа да көплеген компаниялар тәрепинен көрсетилген.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер Өзбекстан - Пакистан қатнасықларын, бәринен бурын, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық тараўларда раўажландырыўда жаңа басқышты баслап бергенин үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Еки тәреплеме бирге ислесиў тарийхында биринши мәрте экономикалық бирге ислесиўге жаңа сапа бериў ҳәм өз-ара саўда көлемин 2 миллиард долларға жеткериўди нәзерде тутатуғын протоколға қол қойылды.

Еки мәмлекет жуўапкерлерине комплексли "жол картасы"н ислеп шығыў ҳәм жүзеге келип атырған мәселелерди жедел шешиў механизмин енгизиў тапсырылды.

Өзбекстан Президенти экономикалық шерикликтиң әҳмийетли бағдарларын көрсетип өтти.

Фармацевтика ҳәм медицина, жеңил санаат, кән-металлургия ҳәм геология, азық-аўқат қәўипсизлиги тараўларындағы бирге ислесиўди кеңейтиў усылардың қатарына киреди.

Пакистан компаниялары Өзбекстанда дәри қураллары, биотехнологиялар ҳәм медициналық үскенелерди локализациялаў жойбарларына мирәт етилди. Пакистанлы инвесторларға Ташкент фармацевтика паркинде жумыс ислеўи ушын қолайлы шараятлар жаратылады.

Халықаралық брендлер ушын таяр тоқымашылық өнимлерин биргеликте ислеп шығарыўда бирге ислесиў ушын үлкен потенциал бар екенлиги атап өтилди. Өзбекстан тоқымашылық кәрханаларын исенимли басқарыўға бериў ҳәм пакистанлы шериклер ушын өз алдына былғары санааты зоналарын шөлкемлестириўге таяр.

Биргеликте гөш, картошка ҳәм гүриш жетистириў, сондай-ақ, туқымгершилик ҳәм селекция тараўында Пакистан Миллий геномика институты менен шериклик перспективаларына айрықша итибар қаратылды.

Транспорт-логистика байланыслылығын беккемлеў саўданы және де арттырыўдың әҳмийетли шәрти болып есапланады.

Пакистан - Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан жөнелиси бойынша жүк тасыў жолға қойылды, Лахор ҳәм Исламабад қалаларына авиақатнаўлар жолға қойылды, Трансаўған темир жолы жойбары алға қойылмақта. Усы жылдың апрель айынан Карачи қаласына жүк ҳәм Лаҳорға тиккелей жолаўшы рейслери жолға қойылады.

Аймақлараралық байланысларды әмелий жақтан беккемлеў мақсетинде быйыл биринши Аймақлар форумын өткериў басламасы қоллап-қуўатланды.

Жуўмағында Өзбекстан басшысы ҳәм Пакистан Бас министри ерисилген келисимлер ҳаққында өз алдына Протоколға қол қойып, онда әмелге асырыў мүддетлери ҳәм еки мәмлекет министрликлери менен уйымларының жуўапкер басшыларын белгилеп алды.

Сондай-ақ, жетекшилер жанында бир қатар инвестициялық ҳәм саўда-экономикалық келисимлерди алмасыў мәресими болды.