Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпинниң басшылығында өткен илажда Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко, Ҳиндстан Республикасы Бас министри Нарендра Моди, Иран Ислам Республикасы Президенти Масъуд Пезешкиён, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Пакистан Ислам Республикасы Бас министри Шаҳбоз Шариф, Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон, сондай-ақ, ШБШ бас хаткери Нурлан Ермекбаев ҳәм Регионаллық антитеррор структурасы Атқарыў комитетиниң директоры Уларбек Шаршеев қатнасты.

Күн тәртибине муўапық, ШБШ шеңбериндеги көп тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў ҳәм шөлкемниң жумысын жетилистириў перспективалары додаланды, регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша ашық пикир алысылды.

Қытай Баслығы Си Цзиньпин мәмлекетимиз басшысына сөз берип, мәмлекетимиз жетекшиси ҳәм халқын Ғәрезсизлик күни менен қутлықлады және Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Өзбекстан жоқары пәтлерде раўажланып, мәмлекетте турмыс жақсыланғаны ҳәм Қытай тәрепи буннан оғада қуўанышлы екенин айрықша атап өтти.

Президентимиз ушырасыў қатнасыўшыларын қутлықлап, Қытайдың ШБШға басшылығын жоқары баҳалады ҳәм Екинши жер жүзилик урыстағы Уллы Жеңистиң 80 жыллығы менен қутлықлады, сондай-ақ, ШБШға ағза мәмлекетлер делегацияларының басшыларына Өзбекстан Республикасының Ғәрезсизлик күни мүнәсибети менен билдирген қызғын қутлықлаўлары ҳәм жақсы тилеклери ушын миннетдаршылық билдирди.

Мәмлекетимиз жетекшиси бул саммит глобаллық анықсызлық шараятында өтип атырғанын атап өтти.

Исенимниң системалы кризиси, келиспеўшиликлердиң кеңейип барыўы, көп тәреплеме институтлардың ҳәлсиреўи ҳәм жәҳән саўда системасының ыдыраўы халықаралық қәўипсизлик ҳәм турақлылық архитектурасының тийкарларына зыян жеткермекте.

- Бундай шараятта ШБШ мәмлекетлериниң өз-ара түсинисиўи ҳәм тилеклеслиги - бул тек ғана баҳалы байлық емес, ал бизиң шексиз регионымызда тынышлықты сақлаўдың гилти болып есапланады, -деди Өзбекстан жетекшиси.

ШБШ шеңбериндеги көп тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў мақсетинде мәмлекетимиз басшысы төмендеги мәселелерге итибар қаратты.

Бәринен бурын, шөлкемниң нәтийжелилигин арттырыў, оның институтлары ҳәм қарарларын әмелге асырыў механизмлерин беккемлеў зәрүр екенлиги атап өтилди. Шөлкемди трансформациялаў бойынша Самарқанд саммитинде басланған процесслер бул әҳмийетли ўазыйпаларды шешиўге жәрдем беретуғынына исеним билдирилди.

Мәмлекетимиз басшысы ШБШны избе-из кеңейтиў, оның қарым-қатнас бойынша шериклери қурамына жаңа ағзаларды, соның ишинде, басқа да регион мәмлекетлерин қосыў зәрүр екенлигин атап өтти, бул шөлкемди Глобал Қубла мәмлекетлери менен бирге ислесиў платформасына айландырыўға жәрдем береди.

Қәўипсизлик тараўындағы бирге ислесиў ШБШның тийкарғы бағдарларынан бири.

- Бүгинги күнде келисилген көзқарасларға және исеним ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеўдиң жаңа механизмлерине талап күшейип бармақта, - деди Өзбекстан Президенти.

Усы мәниде, мәмлекетимиз басшысы Ядро қәўипсизлиги жолында көп тәреплеме шерикликти беккемлеў бойынша ШБШ декларациясын қабыл етиўге шақырды. Бул декларация тынышлық жолындағы атомды раўажландырыў ҳәм айрықша жағдайларға жуўап бериўдиң беккем тийкарына айланады, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң қәўендерлигиндеги тарқатпаў глобаллық режимине мүнәсип үлес болады.

Трансшегаралық қәўип-қәтерлерге қарсы нәтийжели гүресиў мақсетинде Ишки ислер ҳәм жәмийетлик қәўипсизлик министрлери кеңесиниң жумысын қайта тиклеў, Жынаятшылыққа қарсы гүресиўде бирге ислесиў ҳаққындағы келисимди қайта көрип шығыў, Нәшебентликке ғәрезли болып қалыўға қарсы гүресиўдиң 2030-жылға шекем мөлшерленген бағдарламасын ислеп шығыў усыныс етилди.

Өзбекстан жетекшиси "ШБШ - Аўғанстан" сөйлесиў топарының жумысы қайта тиклениўин қоллап-қуўатлады. Конструктивлик сөйлесиўлерди раўажландырыў ҳәм Аўғанстандағы социаллық-экономикалық жойбарларды қоллап-қуўатлаў бойынша усынысларды ислеп шығыў оның тийкарғы ўазыйпаларынан бири болыўы мүмкин.

Жәҳән экономикасында бақланып атырған ҳәзирги тенденцияларды есапқа алып, саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиўге тийкарғы әҳмийет қаратылмақта.

- Биз кең регионымызда экономикалық бирге ислесиўдиң турақлы моделлерин қәлиплестириў тәрепдарымыз, - деди мәмлекетимиз басшысы.

Саўданы әпиўайыластырыў тәртип-қағыйдалары ҳаққындағы келисимге қол қойыў ҳәм регионаллық санаат ҳәм инфраструктура жойбарларын қаржылай қоллап-қуўатлаўдың нәтийжели механизмлерин тезирек енгизиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Исенимли өндирис-логистика шынжырларын раўажландырыў ҳәм өз-ара инвестицияларды хошаметлеў мақсетинде ШБШ шеңберинде Стратегиялық материаллар бойынша регионаллық орай, Энергетика консорциумы, стартап ҳәм инновациялық жойбарларды қоллап-қуўатлаў және алға қойыў ушын Венчур компаниялары ҳәм қорлары тармағы, бизнес бойынша сөйлесиўлерди жолға қойыў ҳәм инвестицияларды алға қойыў ушын Арнаўлы электрон портал сыяқлы бир қатар жаңа көп тәреплеме структуралар ҳәм кооперацияны қоллап-қуўатлаў қуралларын енгизиў усыныс етилди.

Мәмлекетимиз басшысы Арқа - Қубла ҳәм Шығыс - Батыс жөнелислери бойынша транспорт-транзит потенциалын толық иске қосыў, Орайлық Азия арқалы Персия қолтығы ҳәм Ҳинд океаны портларына шығатуғын қубла бағдардағы коридорларды раўажландырыўға айрықша итибар қаратты.

"ШБШ бирден-бир транспорт мәканы"н қәлиплестириў ҳәм оны "Бир мәкан, бир жол" стратегиялық басламасы менен байланыстырыў бойынша ҳәрекетлерди муўапықластырыў ушын үлкен имканиятлар бар екенлиги көрсетип өтилди. Жаңа мультимодал тармақлар, санлы платформалар ҳәм "жасыл" коридорлар жаратыўды нәзерде тутатуғын концепцияны ислеп шығыў усыныс етилди.

ШБШның "жасыл" трансформация тараўындағы бирге ислесиўин кеңейтиў бағдарында климат өзгериўине бейимлесиў, ҳаўаға зәҳәрли газлердиң шығарылыўын азайтыў, экологиялық қәўип-қәтерлерди болжаў ушын жасалма интеллект технологияларын енгизиў мәселелери бойынша регионаллық платформаны иске қосыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

- Мәдений байланысларды және де тереңлестириў ҳәм халық дипломатиясы институтын күшейтиў ШБШ шеңбериндеги узақ мүддетли шерикликтиң әҳмийетли факторы болып есапланады, - деди Өзбекстан Президенти.

Халық дөретиўшилиги халықаралық фестивалларын өткериў, "ШБШ университети" шериклик тармағының онлайн кампусын жаратыў, инновациялық бағдарлар бойынша ҳәр жылы студентлер ҳәм жас қәнигелер арасында таңлаў ҳәм олимпиадалар шөлкемлестириў гуманитарлық алмасыўларды раўажландырыў және халықларымызды және де жақынластырыўға күшли түртки беретуғыны атап өтилди.

"Туристлик коридор" ҳәм ШБШ медициналық туризм альянсын иске қосыў сыяқлы перспективалы жойбарларды ислеп шығыў усыныс етилди.

Сөзиниң жуўмағында мәмлекетимиз басшысы Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаровты Шанхай бирге ислесиў шөлкемине басшылықты қабыл етип алғаны менен қутлықлады.

Қытай Баслығы Си Цзиньпин мәмлекетимиз басшысына алға қойылған әҳмийетли басламалар ушын миннетдаршылық билдирип, оларды биргеликте әмелге асырыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Мәжилис жуўмағында ҳүжжетлерге қол қойыў мәресими болды. Атап айтқанда, Тяньцзин декларациясы, ШБШны 2035-жылға шекем раўажландырыў стратегиясы және бирге ислесиўдиң ҳәр қыйлы тараўларында шерикликти буннан былай да беккемлеўге қаратылған әҳмийетли көп тәреплеме ҳүжжетлер топламы қабыл етилди.