Өзбекстан Президенти JOGMEC ҳәм ITOCHU Corporation менен бирге ислесиўди кеңейтиў режелерин додалады

    Сиясат 19 желтоқсан 2025 790

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Японияның JOGMEC ҳәм ITOCHU шөлкемлериниң басшылары Ичиро Такахара ҳәм Джун Иноматуды қабыллады.

    Әмелий бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм Японияның ең соңғы технологияларын қолланған ҳалда қоспа жойбарларды әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.

    JOGMEC компаниясы ITOCHU корпорациясы менен биргеликте Наўайы ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларында уран кәнлерин өзлестириўде қатнасып атырғаны жоқары баҳаланды. Мәмлекетимиз аймақларындағы перспективалы кәнлерде қымбат баҳалы металларды қазып алыў бойынша компаниялардың режелери көрип шығылды.

    Өзбекстан ITOCHU Corporation менен машина қурылысы, геология ҳәм инфраструктура тараўларында көп жыллық жумыс тәжирийбесине ийе. Японияға әҳмийетли минералларды экспорт етиў бойынша узақ мүддетли келисимлерге ерисилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

    Бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларына, соның ишинде, суўды тазалаў, автомобиль қурылысы, ҳаўа ҳәрекетин басқарыў системаларын модернизациялаў, социаллық тараўда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates