Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң басында барлық дийқан ҳәм фермерлер, бағманлар, шарўалар, суўшылар, агроном ҳәм механизаторлардың пидәкерлик мийнети менен ўатанласларымыздың шаңарағында қут-берекет ҳәм абаданлықты тәмийинлеп атырғанына терең ҳүрмет билдирди.
- Тек ғана аўыл хожалығы емес, ал экономиканың көрсеткишлерин көбейтиў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўде сизлердиң шексиз мийнетиңиз ҳәр қандай мақтаўға ылайық,-деди Президент.
3 миллион 500 мың ўатанласымыз мийнет етип атырған аўыл хожалығы тармағы быйылғы жылы үлкен нәтийжелерди көрсетти. Мийнеткеш дийқан ҳәм фермерлеримиз 875 мың гектар жерден дерлик 4 миллион тонна пахта жыйнап алды. Биринши мәрте бул егинниң орташа зүрәәтлилиги 46 центнерге жетти.
Ғәлле жетистириўшилер тәрепинен 8,4 миллион тонна зүрәәт жыйналып, нәтийжелилик орташа 85 центнерди қураған. Салыгершилик 268 мың гектарға егин егип, орташа зүрәәтлилиги 50 центнер болған 1 миллион 340 мың тонна аўыл хожалығы өнимин жыйнап алды.
Үш жылда 155 мың гектар бағ ҳәм жүзимзарлар жаратылып, интенсив бағлар 150 мың гектарға жеткерилди. Усы жылы 3,4 миллион тонна мийўе, 2 миллион тонна жүзим, 19,5 миллион тонна овош, картошка ҳәм бийдай, 1 миллион тонна собықлы ҳәм майлы егинлер жетистирилген.
Жыл басынан берли азық-аўқат экспорты 37 процентке өсип, 3 миллиард долларға жетти, 2025-жылдың ақырында болса бул көрсеткиш биринши мәрте 3,2 миллиард доллардан артады. Мийўе-овошларымыз экспорт етилип атырған мәмлекетлердиң саны 18 ге көбейип, 83 ке жетти.
- Әлбетте, бундай үлкен нәтийжелердиң негизинде дийқан ҳәм фермерлеримиздиң, кластерлердиң, аўыл ҳәм суў хожалығы тараўында мийнет етип атырған барлық инсанлардың машақатлы мийнети, мәртлиги ҳәм пидайылығы бар, десек, әйне ҳақыйқат болады. Олардың мийнеткешлиги, сабыр-тақаты ҳәм жоқары пазыйлетлери ҳәр қандай жоқары итибар ҳәм хошаметлерге мүнәсип, - деди Президент.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 9-декабрьдеги пәрманына муўапық, тараўда айрықша хызмет көрсеткен бир топар хызметкерлер ҳүрметли атақлар, орден ҳәм медаллар менен сыйлықланған еди.
Мәресимде усы сыйлықлар салтанатлы түрде тапсырылды.
Президентимиз сөзиниң даўамында келеси жылы тараў алдында турған ең әҳмийетли ўазыйпаларды көрсетип өтти.
Келеси жылы пахтаны 76-схема тийкарында, жаңа агротехнологиялар тийкарында жетистириў көлеми кеңейтилип, 891 мың гектарда тек ғана усы схема тийкарында пахта жетистириледи. Зыянкеслерге, гербицидлерге, шорланыўға ҳәм қурғақшылыққа шыдамлы сырт ел сортларын егиў майданлары 2 есеге көбейтилип, 500 мың гектарға жеткериледи.
300 мың гектарға "Синьцзян тәжирийбеси" тийкарында туқым егиледи. Бул бағдарлама шеңберинде тамшылатып суўғарыў технологиясын енгизиўге 2 триллион 600 миллиард сум жеңиллетилген кредитлер ажыратылады. Пахта жетистириўши фермерлерге өз есабынан 250 миллиард сум - өнимниң 10 процентине шекем субсидия ажыратылады.
Онда, пахта жетистириў ушын кредит лимитиниң ярымынан пайдаланған фермерлерге өнимниң 5 процентине шекемги бөлеги субсидия да бериледи.
Ғаўашаның жаңа жергиликли сортларын жаратыўға да айрықша итибар қаратылады.
Атап айтқанда, илимий орайларда 56 жергиликли ҳәм сырт ел сортларын селекциялаў тийкарында ғаўаша туқымгершилиги раўажландырылады. Геномика ҳәм пахташылық институтлары ушын фитотрон ҳәм ыссыхана қурылады.
Келеси жылы да пахта жетистириў ушын минерал төгин ҳәм жанылғыны биржа арқалы 10-15 процент шегирме менен жеткерип бериў әмелияты даўам еттириледи.
Енди пахта ҳәм ғәлле жетистирип атырған фермерлердиң өз алдына рейтинги жүргизиледи.
Онда, кеминде 10 жыл жумыс ислеп атырған, кредит, лизинг ҳәм салық бойынша мүддети өткен қарыздарлығы болмаған фермерлерге Аўыл хожалығы қорынан берилетуғын жеңиллетилген кредитлердиң процент ставкалары олардың рейтингине қарап және де төменлетиледи. Яғный, рейтингте жоқары орынларды ийелеген фермерлер ушын кредит ставкасы пахташылар ушын 8 процент, ғәлле жетистириўшилер ушын 10 процент болады.
Мырзашөлде инновациялық аўыл хожалығы мектеби жаратылмақта. Республика бойынша 1 мың фермер усы мектепте далада пахта жетистириўге оқытылады. Оқыўдан өтип, сертификат алған фермерлерге рейтингте қосымша 10 балл бериледи.
Қәнигели агрономларды көбейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Усы мүнәсибет пенен Аграр университетиниң 180 студенти алдынғы кластер ҳәм фермер хожалықларында дуал тәлим формасында әмелият өтейди. Агрономлық шеберлигин үйрениў ушын ҳәр бир фермер ҳәм кластерге бир студент ушын 5 миллион сумнан, студенттиң өзине болса 1,5 миллион сумнан стипендия төленеди.
Фермерлердиң жумысына жаңалық енгизип, сапалы туқым ҳәм сортлар, заманагөй агротехнологиялар арқалы өнимдарлықты арттырыў ҳәм қәрежетлерди азайтыўға жәрдемлесетуғын жас агрономларға айына 2 мың доллар муғдарында мийнет ҳақы төленеди.
Пахта жетистириўде механизация дәрежесин 85 процентке жеткериў мақсетинде келеси жылы және 800 пахта териў машинасы, 450 көп функциялы сеялка ҳәм 3 мың плёнка териў машинасын алып келиў режелестирилген.











