Бүгин мәмлекетимиз басшысы усы жылы экономикада күтилип атырған нәтийжелер ҳәм 2026-жылға мөлшерленген тийкарғы макроэкономикалық көрсеткишлер бойынша кеңейтилген мәжилис өткереди.
Күнниң екинши ярымында Президентимиз АҚШ Президентиниң Қубла ҳәм Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкили Сержио Гор ҳәм АҚШ Мәмлекетлик хаткериниң орынбасары Кристофер Ландау менен ушырасады.
Бизге белгили, Өзбекстан тарийхый илаж - ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясын қабыл етпекте. Президентимиз Самарқандқа келип, биринши мәрте Париж қаласынан тысқарыда өткерилип атырған әнжуманның ашылыўында қатнасады, мәденият, илим ҳәм билимлендириў тараўларындағы халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў бойынша басламаларды алға қояды ҳәм бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар өткереди.
Буннан тысқары, усы ҳәптеде мәмлекетимизге Сербия Республикасы Президенти Александр Вучич ҳәм Финляндия Республикасы Президенти Александр Стубб сапар менен келеди. Саммитлер шеңберинде жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер өткерилип, еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери додаланады.