Шавкат Мирзиёев Ҳиндстан Республикасы Президенти ҳәм Бас министрине кеўил айтты
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Кашмир аймағында жүз берген терроршылық ҳәрекети ақыбетинде көплеген инсанлар қайтыс болғаны ҳәм аўыр жарақат алғаны мүнәсибети менен Ҳиндстан Республикасы Президенти Драупади Мурму ҳәм Бас министри Нарендра Модиға кеўил билдирди.