"Ургут" еркин экономикалық зонасында жайласқан бул кәрхана кейинги жылларда елимизде исбилерменлер ушын жаратылған қолайлы шараятлар ҳәм исенимли инвестициялық орталық нәтийжесинде шөлкемлестирилген заманагөй өндирис комплекси болып есапланады.

Өз жумысын сырт елден алып келинетуғын комплектлеўши бөлеклерден бир неше түрдеги турмыслық техникаларды жыйнаўдан баслаған кәрхана бүгинги күнде музлатқышлар, газ плиталары, мини-печьлер, шаң сорығышлар, ҳаўа тартқышлар ҳәм басқа да хожалық буйымлары, заманагөй металл есиклер ислеп шығарыўда Орайлық Азияның ең ири компанияларынан бирине айланған.

Бул жерде таярланып атырған "Өзбекстанда ислеп шығарылған" маркалы өнимлер “Dorsa”, “Kleo” ҳәм “Ferre” сыяқлы брендлер астында Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Әзербайжанға экспорт етиледи. “Ferre” товар белгиси жоқары бәсеки шараятында ҳәм ишки базарда беккем орын ийеледи. Ҳәзирги ўақытта кәрхананың жыллық қуўатлылығы орташа 250 мың дана, баҳасы 440 миллиард сумға шамалас өнимди қурайды ҳәм бул көрсеткиш жылдан-жылға өсип бармақта.

Өндирис процесинде “Embraco”, “LG”, “DOW”, “Midea” сыяқлы дүньяның жетекши компанияларының материаллары ҳәм комплектлеўши бөлеклеринен пайдаланылмақта. Бүгинги күнде кәрхананың локализациялаў дәрежеси дерлик 85 процентти қурамақта.

Жойбардың улыўма баҳасы отыз миллион АҚШ доллары болып, сырт ел инвестициялары ҳәм жеңиллетилген банк кредитлери тартылған. Мыңға шамалас жумыс орны жаратылған. Өндирис үскенелери Германия, Түркия, Италия ҳәм Қытайдан алып келинген ең соңғы технологияларды өз ишине алған.

Президент Шавкат Мирзиёев өндирис процеси менен танысып, кәрхана басшылары ҳәм қәнигелери менен сәўбетлести, халықаралық стандартларға сәйкес өнимлердиң түрин көбейтиў, сырт ел базарларындағы орнын және де беккемлеў зәрүр екенлигин атап өтти. Мәмлекетимиз тәрепинен берилген имканият ҳәм жеңилликлерден нәтийжели пайдаланыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Өз брендин жаратып, жергиликли өнимлерди жәҳән базарына алып шыққан исбилерменлер турақлы қоллап-қуўатланатуғыны атап өтилди. Олар қосымша қун жаратып, мыңлаған адамларды турақлы дәрамат пенен тәмийинлемекте.

- Исбилерменлерди қоллап-қуўатламай, Жаңа Өзбекстанды қурып болмайды. Егер сизлер тынымсыз раўажлансаңыз, Самарқандта кәмбағаллықта жасап атырған халық қалмайды. Сизлер белсендилик көрсетип, Өзбекстанды жәҳән көлеминде жәриялаў имканиятына ийе болып атырсыз, - деди Президент.

Мәмлекетимиз басшысы "Ургут" еркин экономикалық зонасында усындай өндирис кәрханаларын көбейтиў арқалы қосымша қун жаратыў, жаңа жумыс орынларын ашыў әҳмийетли екенлигин атап өтип, жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.

Президентимиз бул жерде Самарқанд ўәлаятындағы жетекши санаат кәрханаларының инвестициялық жойбарлары ҳәм өнимлериниң көргизбеси менен танысты.

Презентацияда денсаўлықты сақлаў, таў-кән санааты, қурылыс материалларын ислеп шығарыў, технопарклер, пиллешилик ҳәм металлургия тараўларындағы бир қатар жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Самарқандта Түркияның абырайлы компаниялары менен биргеликте мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында көп тармақлы емлеў мәкемесин шөлкемлестириў жойбары әмелге асырылмақта. Бул жойбар шеңберинде 1 мың жумыс орны жаратылады.

Булунғур районында Қытай компаниясы менен биргеликте медициналық препаратлар ислеп шығарыўды жолға қойыў режелестирилген. Бул жойбар шеңберинде және мыңға шамалас адамның бәнтлиги тәмийинленеди.

Буннан тысқары, Қытай компаниялары Ургут районында жипек жип ҳәм гезлеме ислеп шығарыў, Нурабад районында технопарктиң қәнигелестирилген санаат зонасын шөлкемлестириў, Самарқанд қаласында полат еритиў ушын химиялық еритпелер таярлаў, Пастдарғом районында көшпели конструкциялар ислеп шығарыў жойбарлары менен танысты.

Жойбарларды өз ўақтында, сапалы ҳәм жедел әмелге асырыў бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берилди.