Президент Шавкат Мирзиёев ўәлаятта үлкен өзгерислер болып атырғаны, реформалар адамлардың турмысына кирип атырғанын атап өтти.
Бурын ўәлаят санаатының ярымынан көби нефть-газ ҳәм химия тармағына туўра келетуғын еди. Соңғы жылларда электр техникасы, қурылыс материаллары, тоқымашылық, мебель ислеп шығарыў тараўларында "үлкен секириў" болды. Ҳәзир бул тармақлардың санааттағы үлеси 54 процентти қурамақта.
Бирақ турмыс тоқтап қалмайды, еле исленетуғын ўазыйпалар көп. Таллаўларға бола, Қашқадәрьяда иске қосылмаған кеминде 15 миллиард долларлық потенциал бар. Бул имканиятлардың үштен бири жойбарға айландырылса да, ўәлаяттың жалпы аймақлық өнимин келеси бес жылда биймәлел 10 миллиард доллардан арттырыў мүмкин.
Бизге белгили, жедел раўажланыў бағдарламасына кирген районларда "Реформалар штабы" дүзилмекте. Шаҳрисабз, Яккабоғ ҳәм Көкдалада иске қосылған жаңа жойбарлар бунда таяр үлги екени атап өтилди. Енди бундай штаб Қашқадәрьяда да болыўы белгиленди.
Мәмлекетимиз басшысы ўәлаятты ҳәр тәреплеме раўажландырыў бойынша қосымша имканиятларды көрсетип өтти.
Ең үлкен резерв аўыл хожалығы жерлери екени атап өтилди. Мысал ушын, Қашқадәрьядағы суўғарылатуғын аўыл жерлери 515 мың гектарды, қыйтақ жер ҳәм бағшылық жерлери 45 мың гектарды қурап, республикада биринши орында.
Буннан тысқары, ўәлаятта 1,3 миллион гектар жайлаў ҳәм тоғай жерлери бар. Енди олардан нәтийжели пайдаланыў ушын өз алдына компания шөлкемлестириледи. Инвестиция тартыў, жойбарларды қаржыландырыў ҳәм үлес пенен кириў ушын оған акционерлик жәмийети статусы берилип, Бақлаў кеңесине Бас министр басшылық етеди. Компанияға дәслепки басқышта 100 миллион доллар ажыратылады. Бул қаржы ҳәм қосымша инвестиция есабынан, еки жылда ўәлаяттағы кеминде 200 мың гектар жайлаў ҳәм тоғай жерлери лазерли тегисленип, суўды үнемлейтуғын технологиялар енгизиледи.
Қашқадәрьяда шарўашылықты комплексли раўажландырыў бағдарламасы басланады. Буның ушын Аўыл хожалығы қорынан 12 айға шекем 14 процентли кредитлер ажыратылады. Бул арқалы ўәлаяттағы 127 шарўа толық қуўатлылыққа шығады. Жериниң де, фермасының да барларына жеңиллетилген қаржы бериледи.
Жыл басынан берли ўәлаятта мийўе-овощ экспорты 2 есеге артып, 62 миллион долларға жеткен. Әсиресе Көкдалада ғарбызлар жэүдә белгили. Қашқадәрьяда буны помидор бойынша да ислеў мүмкин. Усы мақсетте 13 райондағы 6 мың гектар жерде помидор жетистириў жолға қойылады.
Картошка жетистириў ушын 10 проценттен 12 ай мүддетке жеңиллетилген кредит ажыратылады. Бул тармаққа зәрүр техникалар импорт бажысынан азат етиледи, жоқары әўладлы туқым сатып алыўда қосымша қун салығының 50 проценти қайтарып бериледи.
Халықты жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў ең әҳмийетли мәселелерден. Жыл басынан 284 мың адамның бәнтлиги тәмийинленгени менен және мыңлаған жумыссызлар бар.
Соның ушын быйыл Қашқадәряда 470 мың адамды бәнт етиў, 150 мың халықты кәмбағаллықтан шығарыў, Китаб районы, Қаршы ҳәм Шаҳрисабз қаласын "жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықтан жырақ аймақ"қа айландырыў бойынша үлкен шек қойылған.
Атап айтқанда, Шаҳрисабз, Қамаши, Ғузар ҳәм Чироқчи районларындағы тәбийғый орынларда туризм дәргайлары қурылады. Көкдаладағы Чиял базарында музқаймақ таярлаўшылар ушын шараят ҳәм санитария жақсыланып, гастрономиялық туризм кеңейтиледи. Шаҳрисабз қаласы Қарасуў мәҳәллесинде темиршилик орайы шөлкемлестириледи.
Жумыссыз пуқаралар шет тиллерине оқытылып, жоқары дәрамат беретуғын мәмлекетлерге жумысқа жибериледи. Аукционда сатылатуғын 120 дан аслам объект ҳәм 400 гектар жер тийкарында кәрханалар шөлкемлестирип, 70 мың жумыс орнын ашыў илажлары көриледи.
Быйыл Қашқадәрьяда 3,5 миллиард доллар инвестиция бойынша үлкен шек алынған. Өткен бес айда Косон, Китоб ҳәм Чироқчида инвестиция дерлик 2 есеге артқан.
Ўәлаяттағы кәнлер инвестиция тартып, қосымша қун жаратыў ушын үлкен имканият екени атап өтилди. Мәселен, Китаптағы 5 перспективалы майданда 39 тонна алтын, Шырақшыда 10 мың тонна сийрек ушырасатуғын металлар резерви анықланған. Қурылыс материаллары тараўында 150 миллион долларлық 16 жойбар таярлаған.
Мүбәректеги Газди қайта ислеў заводы әтирапындағы инфраструктурадан пайдаланып, 200 гектар майданда инновациялық санаат зонасы шөлкемлестириледи. Онда кластер системасы тийкарында нефть-химия, электротехника, робототехника ҳәм қурылыс материалы бойынша 5 ири жойбар әмелге асырылады.
Ўәлаят пахта жетистириў бойынша жетекши болса да, тоқымашылық санаатындағы үлеси 10 процентке де жетпейди. Бул тараўда 400 миллион долларлық 35 жойбар басланады. Усы жылы ийирилген жипти қайта ислеўди 51 процентке, келеси жылы 100 процентке жеткериў илажлары көриледи.
Бундай экономикалық жойбарлар ушын раўажланған инфраструктура зәрүр. Мәселен, "Ғузар - Бухара - Нөкис - Бейнеў" жолының ўәлаяттан өткен 100 километрин реконструкциялаў есабынан транзит потенциалын 3 есеге арттырыў мүмкин.
"Қаршы - Шаҳрисабз - Китап" магистраль жолының 106 километри реконструкцияланып, 2 полосадан 4 лентаға өткериледи. Бул жойбар шеңберинде Қамаши ҳәм Яккабоғ орайынан айланып өтетуғын 34 километрлик жаңа жол да қурылады. Ислам раўажланыў банкиниң қатнасыўында "Ташкент-Термиз" жолының Қашқадәрьядан өткен 60 километри де 4 полосалы етилип, цемент-бетон қапламаға өткериледи.
Халықтың турмыс шараятларын жақсылаў ушын 7 мың 700 квартиралы турақ жайлар қурылады. Быйыл 183 километр суў ҳәм канализация тармағы, 8 суў объекти қурылады.
Мәжилисте жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў мәселелерине де тоқтап өтилди. Оларды "Жаслар бизнеси" бағдарламасына, жоқары оқыў орынлары питкериўшилерин "Келешекке қәдем" бағдарламасына қамтып алып, исбилерменлик ҳәм бәнтлигине көмеклесиў ўазыйпасы қойылды.
- Көрип турғаныңыздай, Қашқадәрьяда режелестирген жумысларымыз көп. Әмир Темурдай уллы бабамыздан мәртлик, жигерлилик, кеңпейиллик сыяқлы пазыйлетлерди мийрас етип алған мийнеткеш, ҳақ кеўил ҳәм уллы мәртебели ўәлаят халқы менен алдымызға қойған үлкен шеклерге әлбетте ерисемиз. Қашқадәрьялылар барлық реформаларымыздың алдынғы қатарында болатуғынына исенемен, - деди Шавкат Мирзиёев.
Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша ўәлаят ҳәм район ҳәкимлери, тармақ басшылары мәлимлеме берди, исбилерменлер ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери менен сөйлести.