Қашқадәрья үлкен аймақ, бай тәбийғый ресурслар, раўажланған санаат, мийнеткеш ҳәм исбилермен халық пенен үлкен потенциалға ийе екени атап өтилди.

Өткен жылы жалпы аймақлық өним 6,8 процентке, санаат 7,2 процентке, хызмет көрсетиў 13,6 процентке, аўыл хожалығы 4,3 процентке өскен. 2017-2025-жылларда халықтың жан басына жалпы аймақлық өним 3,2 есеге артып, 26,9 миллион сумды қурады. Жумыссызлық ҳәм кәмбағаллық дәрежеси сәйкес түрде 4,9 ҳәм 6,5 процентке азайды.

Атап өтилгениндей, экономика тармақларында жаңа жойбарларды әмелге асырыў есабынан 2026-жылы санааттың 8,6 процентке өсиўин тәмийинлеў, 3,5 миллиард долларлық инвестицияларды тартыў ҳәм 727 миллион долларлық өнимлерди экспорт етиў режелестирилген. Нәтийжеде аймақлар экономикасы 8,2 процентке, хызмет көрсетиў 15,9 процентке, қурылыс 13,2 процентке, аўыл хожалығы 5,8 процентке өсиўи күтилмекте.

Улыўма баҳасы 1 миллиард 700 миллион доллар болған 195 жойбарды иске қосып, санаатта жоқары өсиў пәтлерин тәмийинлеў, өндирис қуўатлықларын кеңейтиў ҳәм микро орайлар шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Ўәлаятта бир қатар ири санаат жойбарларын әмелге асырыў режелери ҳаққында мәлимлеме берилди. Атап айтқанда, гезлеме, кийим-кеншек ҳәм гигиена қураллары, аўыл хожалығы техникасы ҳәм үскенелери, электромобиллерди қуўатландырыў станциялары, фиброцемент панеллер ҳәм дийўал плиткаларын ислеп шығарыў қуўатлылықлары шөлкемлестириледи.

Сондай-ақ, Мубәрек арнаўлы инновациялық санаат зонасы ҳәм Қаршы "жасыл технологиялар" санаат зонасын шөлкемлестириў, оларда 2026-2027-жылларда улыўма баҳасы 1,1 миллиард доллардан аслам 36 жойбарды әмелге асырыў ҳәм 6 мыңға шамалас жаңа жумыс орнын жаратыў нәзерде тутылған.

Жаңаша қатнаслар тийкарында мәҳәллелерди терең ҳәм орта қәнигелестириў, жеңиллетилген кредит ҳәм субсидиялар ажыратыў арқалы кәмбағаллықты және де қысқартыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Атап айтқанда, 820 миллиард сум кредит, 52,3 миллиард сумлық ссуда ҳәм субсидиялар бериў, өзин-өзи бәнт еткенлерди қоллап-қуўатлаў есабынан мәҳәллелерде 48 мың исбилерменлик субъекти шөлкемлестирилип, 31 мың микрожойбар әмелге асырылады.

Нәтийжеде 2026-жылдың ақырына шекем жумыссызлық дәрежесин 3,2 процентке, кәмбағаллық дәрежесин 3 процентке түсириў, Ғузор, Қамаши, Көкдала, Миришкор, Шаҳрисабз ҳәм Яккабағ районларын кәмбағаллық ҳәм жумыссызлықтан жырақ аймаққа айландырыў нәзерде тутылған.

Дүньяда гөштиң баҳасы артып баратырған ҳәзирги шараятта ўәлаятта шарўашылықты раўажландырыў ҳәм от-жем базасын беккемлеў, жайлаўлардан нәтийжели пайдаланыў бойынша жаңа система енгизилип атырғаны атап өтилди.

Оның ушын 2030-жылға шекем 200 мың гектар, соның ишинде, 2026-жылы 15 мың гектар жерди өзлестириў есабынан азықлық, картошка, овош, собықлы ҳәм майлы егинлер жетистириўди көбейтиў, зәрүр инфраструктуралар жаратыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Быйыл ғәлле өнимдарлығын 84,8 центнерге, пахта өнимдарлығын 47,5 центнерге, картошка өнимдарлығын 175 центнерге жеткериў режелестирилген. 48 орым-жыйын комбайны, 272 сеялканы сатып алыў, суўды үнемлейтуғын ҳәм заманагөй агротехнологияларды енгизиў арқалы аўыл хожалығында дәраматты 20-35 процентке арттырыў мүмкин екенлиги атап өтилди.

Қашқадәрья ушын суў тәмийнаты әҳмийетли мәселелерден бири екени атап өтилди.

Ўәлаятта аўыл хожалығы егинлериниң үлкен бөлеги насослар жәрдеминде суўғарылатуғынын есапқа алып, 2026-жылы 320 километр магистраль ҳәм 3,3 мың километр ишки каналларды бетонлаў, 70,6 мың гектарда суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў, 27,4 мың гектарда лазерли тегислеў жумысларын алып барыў, 16 насос станциясын модернизациялаў ўазыйпалары белгиленди. Бул арқалы 800 миллион куб метрге шекем суўды үнемлеў мүмкин екенлиги айтылды.

Ишимлик суўы тәмийнатын жақсылаў мақсетинде Қарши қаласына "Ҳисорак" суў сақлағышынан суў жеткерип бериў жойбары ислеп шығылғаны ҳаққында мәлимлеме берилди. Бул жойбар шеңберинде 16 ишимлик суўы объекти ҳәм 416 километр ишимлик суў тармағы қурылады. Қаршы ҳәм Шаҳрисабз қалалары, Дийқанабад ҳәм Қамаши районларында ақаба суў тармақлары реконструкцияланады.

Туризм потенциалынан толық пайдаланыў ушын жылына 1 миллион турист тартып атырған Мираки қаласының тәжирийбеси тийкарында жаңа жойбарларды басқа районларда да кеңейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Қамашы районында "Майданак" бийик таў туристлик орайы ҳәм Шаҳрисабз районында 13 мың туристке мөлшерленген "Гелон" халықаралық мәўсимлик курортын шөлкемлестириў, Яккабоғ районындағы Татар аўылында туризмди раўажландырыў, Ҳәзирет Султан шыңы аймағында треккинг маршрутлары ҳәм палаткалы лагерь шөлкемлестириў жойбарлары усылардың қатарына киреди.

Улыўма, усы жылы 45 мийманхана ҳәм мийман үйин ашып, қосымша 1 мың 130 орын жаратыў режелестирилген.

Ўәлаятта жол, турақ жай, инженерлик-коммуникация инфраструктурасын жақсылаў бағдарламалары да додаланды.

Жаңа Өзбекстан көринисиндеги 2 район ҳәм 46 мәҳәлледе, сондай-ақ, шараяты аўыр 3 район ҳәм 108 мәҳәлледе ишки жоллар, суў тәмийнаты, суўғарыў ҳәм электр тармақларын жақсылаўға 864 миллиард сум қаратыў белгиленген.

Социаллық тараўда шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыў илажлары белгиленди. Атап айтқанда, жаңа мәмлекетлик ҳәм жеке меншик бақша және мектеплер шөлкемлестириў, 120 мың ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, 21 мыңын кәсип-өнер ҳәм исбилерменлик көнликпелерине оқытыў, "Ҳаял-қызлар дәптери" шеңберинде 102 мың ҳаял-қызға жәрдемлесиў илажлары нәзерде тутылған.

Германия менен биргеликте тәртипли мийнет миграциясы ҳәм кәсипке оқытыўды шөлкемлестириў бойынша жаңа басламалар усыныс етилди. 2026-жылы 3 мың, 2027-жылы 5 мың жасты Германияға жумысқа жибериў, Қаршы қаласында оларды оқытыў ушын Билимлендириў ҳәм технологиялар орайын ашыў режелестирилген.

Мәжилис жуўмағында мәмлекетимиз басшысы белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы үстинен қатаң қадағалаў орнатыў, инвестициялық ҳәм экспорт көрсеткишлерин тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың турмыс дәрежесин арттырыў бойынша жуўапкерлерге анық көрсетпелер берди.