Қулпынайды таңлаўда яки сақлаўда әҳмийетли тәреплерге итибар бериў керек. Бәринен бурын, сапалы қулпынай қурғақ, пүтин, зыянланбаған ҳәм илажы барынша жасыл қалпақшасы менен болыўы керек.
Қулпынай сатып алып атырғанда оның ийисин тексериў әҳмийетли. Жетилискен тәбийғый қулпынай жағымлы ҳәм анық сезилип туратуғын ийиске ийе болады. Егер қулпынай ҳеш қандай ийис шығармаса ямаса химиялық затлар ийиси сезилсе, оны сатып алыў усыныс етилмейди.
Буннан тысқары, мийўениң сыртқы бети ҳәдден тысқары жылтырақ ҳәм жасалма ығалландырылған көринсе, бул оның нитратлар ямаса басқа зыянлы затлар менен жетистирилгенинен дәрек бериўи мүмкин.
Қулпынайды узақ мүддет сақлаў усыныс етилмейди, себеби ол жүдә нәзик болып, тез жарамсызланады. Егер оны музлатқышта сақлаў керек болса, қулпынай кептирилип, кең ыдыста ҳаўа өткермейтуғын шараятта жайластырылыўы керек.
Сондай-ақ, жуўылған қулпынайды узақ сақлаўға болмайды, себеби ығаллық мийўениң тез шириўине себепши болады.
Ең жақсы усыл - қулпынайды сатып алынған күнниң өзинде ямаса бир неше саат ишинде пайдаланылған мақул.
Қулпынайды көп муғдарда сатып алыўдан шеклениў керек, себеби ол ең мазалы ҳәм пайдалы жағдайда жаңа терилгенинде болады. Сол себепли, базарлардан ямаса исенимли дийқанлардан тез-тез ҳәм аз-аздан сатып алыў усыныс етиледи.