Бир қатар тараўларда илим әмелияттан узақласып баратырғаны атап өтилди. Атап айтқанда, аўыл ҳәм суў хожалығы тараўындағы айырым ири жойбарларды әмелге асырыўда оларды илимий тийкарлаў ҳәм экспертизадан өткериўге жетерли итибар қаратылмай атыр, илимпазлар ҳәм изертлеўшилердиң потенциалынан толық пайдаланылмай атыр. Нәтийжеде айырым жойбарлар күтилген нәтийжени бермей атыр.
Ҳәзирги ўақытта "Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты" миллий изертлеў университетинде 11 мыңнан аслам студент билим алмақта, 7 факультет, 37 кафедра ҳәм 38 билимлендириў бағдары жумыс алып бармақта. Питкериўшилердиң бәнтлик дәрежеси 93 процент.
Соның менен бирге, инженер кадрларды таярлаўда теория ҳәм әмелияттың өз-ара байланыслылығын тәмийинлеў мақсетинде дуал билимлендириў системасын кеңнен енгизиў зәрүрлиги атап өтилди.
Усыныс етилген жаңа системаға бола, студентлер төрт күн теориялық билим алады, еки күн өндирис кәрханаларында ҳақы төленетуғын әмелият өтейди. Атап айтқанда, суў хожалығы бағдарында суўды үнемлеў ҳәм суўғарыўды нәтийжели шөлкемлестириў жойбарларында, гидротехника ҳәм гидроэнергетика тараўында каналларды бетонлаў, киши гидроэлектр станцияларының сметаларын дүзиў ҳәм қурыўда, аўыл хожалығын механизациялаў тараўында техникаларды таярлаў ҳәм өнимди жыйнап алыўда қатнасыў имканияты жаратылады.
Мәмлекетимиз суў ресурсларының үлкен бөлеги трансшегаралық дәреклерге байланыслы екени көрсетип өтилди. Усы мүнәсибет пенен суў ресурслары тараўында дипломатиялық кадрларды таярлаў әҳмийетли стратегиялық ўазыйпалардан бири екени атап өтилди.
Университетте шөлкемлестирилген "Халықаралық суў дипломатиясы" магистратура бағдарламасын кеңейтиў ҳәм мәмлекетлик грант тийкарында қабыллаў квотасын арттырыў усынысы мақулланды. Бул бағдарлама тийкарында Орайлық Азия ҳәм Аўғанстан ушын жоқары маманлықтағы қәнигелер таярлаў нәзерде тутылған.
Презентацияда университеттиң илимий-инновациялық потенциалын беккемлеўге қаратылған жаңа басламалар да көрсетилди. Атап айтқанда, дронлар жәрдеминде егислик майданларын мониторинг етиў, өнимдарлықты прогнозлаў, зыянкеслерге қарсы гүресиў, космослық мониторинг мағлыўматлары тийкарында илимий усыныслар ислеп шығыў сыяқлы хызметлерди көрсетиў жолға қойылады.
Усы мақсетте университетте дронларды басқарыў бойынша оқыў курслары, космослық изертлеўлер ҳәм жасалма жолдаслар лабораториясы, комплексли илимий-изертлеў лабораториялары шөлкемлестириледи.
Буннан тысқары, университетте санлы басқарыў ҳәм KPI системаларын енгизиў, "мектеп - техникум - университет - өндирис" үзликсиз билимлендириў шынжыры тийкарында кадрлар таярлаў системасын қәлиплестириў режелери таныстырылды.
Сөзиниң жуўмағында мәмлекетимиз басшысы аўыл ҳәм суў хожалығы тараўлары ушын инженер кадрлар таярлаў системасын жетилистириў, илим ҳәм әмелияттың байланыслылығын тәмийинлеў, алдыңғы технологияларды кеңнен енгизиў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.