Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде соңғы жыллары Өзбекстанда "Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи керек" деген принцип мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилгенин атап өтти. Инсан мәплерин тәмийинлеў, пуқаралар ҳәм исбилерменлерге мүнәсип шараят жаратыў реформалардың орайында турады.
Нәтийжели мәмлекетлик басқарыў болмаса, ҳеш бир тараўда нәтийжеге ерисип болмайтуғыны атап өтилди. Ҳәр бир пуқара мәмлекеттиң жумысына күнделикли турмысында сезип атырған унамлы өзгерислер арқалы баҳа береди. Соның ушын басқарыў уйымлары адамлардың машқалаларын өз ўақтында, әдил ҳәм системалы шешиўи керек.
Қағазпазлық ҳәм бюрократия реформалардың нәтийжелилигин төменлетиўи, халықтың мәмлекетке исенимин төменлетиўи мүмкин екенлиги атап өтилди. Соннан келип шығып, мәмлекетлик басқарыўда жаңа ҳәм алдынғы көзқарасларды енгизиўге айрықша итибар қаратылмақта.
Онда Бирлескен Араб Әмирликлери менен бирге ислесиў үлкен әҳмийетке ийе. Кейинги жылларда мәмлекетлеримиз арасында мәмлекетлик басқарыў тараўындағы шериклик жаңа басқышқа көтерилди. Өткен жылдың ноябрь айында жасалма интеллект ҳәм бюрократияны сапластырыў мәселелери бойынша қоспа халықаралық форумлар табыслы өткерилди, мәмлекетлик басқарыў тараўында алдынғы тәжирийбе алмасыў бойынша бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойылды.
"Сапалы мәмлекетлик басқарыў" бағдарламасы бул бирге ислесиўдиң әмелий нәтийжелери қатарында атап өтилди.
Президентимиз бул бағдарлама мәмлекетлик уйымлардың жумысына қалыс баҳа бериў, олардың күшли ҳәм әззи тәреплерин анықлаў, алдынғы тәжирийбелерди үгит-нәсиятлаў, саламат бәсеки орталығын жаратыўға хызмет ететуғынын атап өтти.
Бағдарлама шеңберинде усы жылдың январь-апрель айларында халықаралық экспертлер ҳәм жергиликли қәнигелер тәрепинен республикамыздағы 40 уйымның жумысы, басқарыў сапасы ҳәм басқарыў кадрларының жетекшилик қәбилети баҳаланды.
Сыйлықлаў мәресиминде бир қатар министрликлер ҳәм уйымлардың жетискенликлери айрықша атап өтилди.
"Өзбекстан - 2030" стратегиясын әмелге асырыў бойынша ең үлгили министрлик номинациясында Әдиллик министрлиги жеңимпаз деп табылды. Атап өтилгениндей, қысқа ўақыт ишинде министрлик заманагөй, ашық ҳәм санлы институтқа айланды. Бүгинги күнде 30 платформа иске қосылып, 380 хызмет толық санластырылды, 780 нен аслам хызметтен онлайн пайдаланыў имканияты жаратылды, мәмлекетимиз бойынша 208 мәмлекетлик хызметлер орайы бирден-бир стандарт тийкарында жумыс алып бармақта.
Таў-кән санааты ҳәм геология министрлиги ресурсларды басқарыў бойынша ең үлгили министрлик сыпатында тән алынды. Министрликке ажыратылған қаржылар жаңа кәнлерди излеў ҳәм өзлестириў, тараўды раўажландырыўға нәтийжели бағдарланып атырғаны, геологиялық-излеў жумысларында суўдың жумсалыўы 20 процентке қысқарып, тийкарғы кәншилик үскенелерин локализациялаў дәрежеси 84 процентке жеткерилгени атап өтилди.
Мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде унамлы нәтийжелерге ерискени ушын Ишки ислер министрлиги ең үлгили деп табылды. Министрлик тәрепинен көрсетилип атырған 60 қа шамалас хызметтиң 95 проценти санластырылған. Бурын бөлек-бөлек жумыс ислеп келген 72 мағлыўматлар базасы бирден-бир "Қәўипсиз қала" системасына бирлестирилип, оған 14 басқарыў орайы ҳәм 20 дан аслам министрлик жалғанған. Өткен жылы 148 мыңнан аслам ҳәкимшилик ис аралықтан көрип шығылған.
Таңлаў шеңберинде үлгили басшы ҳәм қәнигелер де сыйлықланды. Таў-кән санааты ҳәм геология министрлиги басқарма баслығы Мақсуд Болибеков ең үлгили басшы, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги бөлим баслығы Фазлиддин Мўминов ең үлгили ҳәкимшилик хызметкер, "Өзатом" агентлиги бас қәнигеси Шохмирзо Умаров ең үлгили қәниге, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министриниң мәсләҳәчиси Умматой Йўлдошева ең үлгили хызметкер, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги жойбарлаў офисиниң баслығы Акбархон Собирхонов ең үлгили жас қәбилетли хызметкер, Әдиллик министрлиги бөлим баслығы Мирсаид Раҳматов инсан ресурслары бойынша ең үлгили хызметкер деп табылды.
Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары Олим Омонов министрдиң ең үлгили орынбасары, Атом энергиясы агентлиги директоры Азим Ахмедхўжаев агентликтиң ең үлгили директоры, Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитетиниң баслығы Халилло Тўрахўжаев комитет баслығының ең үлгили баслығы сыпатында тән алынды.
Мәмлекетимиз басшысы оларды бир басқышқа көтериў ҳәм басқарыў кадрлары резервине киргизиў усынысын билдирди. Олардың өз үстинде турақлы ислеўи, жаңаша пикирлеўи, мийнет жолына инновациялық қатнасларды енгизиўи басқаларға үлги болыўы керек екенлиги атап өтилди.
Президентимиз кейинги басқышларда бул бағдарлама және де ашық ҳәм талапшаң болатуғынын атап өтти. Келешекте жақсы нәтийже көрсетип атырған уйымлар менен бир қатарда, нәтийжелилиги ҳәм сапасы бойынша артта қалып атырған шөлкемлер де жәрияланады. Бул мәмлекетлик уйымларды өз жумысына қалыс баҳа бериўге, кемшиликлерди сапластырыўға, халық алдындағы жуўапкершилигин арттырыўға хызмет етеди.
Енди "Сапалы мәмлекетлик басқарыў" бағдарламасы ҳәр еки жылда бир мәрте өткериледи. Кейинги басқышта жергиликли ҳәкимликлер де қатнасады. Себеби, реформалардың нәтийжеси, бәринен бурын, төменги буўында - район ҳәм қалаларда сезилиўи керек.
Мәмлекетимиз басшысы халық арасында исеним оятатуғын, инсан мәплерине хызмет ететуғын, адамлардың аўырын жеңил ететуғын нәтийжели мәмлекетлик басқарыў системасын жаратыў буннан былай да тийкарғы ўазыйпа болып қалатуғынын атап өтти. Министрлик ҳәм уйымлардың жумысында "процесс ушын емес, нәтийже ушын" принципи тийкарғы өлшем болыўы керек екенлиги атап өтилди.