Соның ушын жоқары қан басымының профилактикасы ушын төмендеги усынысларға әмел етиң:
1. Туўры аўқатланыў. Қызыл гөш, ҳайўан майлары ҳәм дуз пайдаланыўды азайтың. Тағамнамада мийўе-овошлар, балық, ғоза, майсыз сүт өнимлери болыўына итибар бериң.
2. Кофени шеклеў. Кофеин қан басымын асырады. Соның ушын оны шеклеў мақсетке муўапық.
3. Алкоголь ҳәм темеки өнимлеринен ўаз кешиў.
4. Физикалық шынығыўларды турақлы орынлаў. Жеңил спорт түрлери, пияда жүриў, велосипед айдаў, жүзиў артериал қан басымының нормада болыўына жәрдем береди.
5. Дене салмағын қадағалаў. Артықша салмақ гипертония раўажланыў қәўипин асырады.
6. Стрессли жағдайлардан қашыў. Медитация ҳәм йога менен шуғылланыў стресс сезимин азайтыўдың нәтийжели усыллары болып есапланады.
7. Уйқы режимине әмел етиў. Гипертония менен аўырған наўқас күнине кеминде 8 саат жатыўы усыныс етиледи.
8. Дәрилерди өз ўақтында қабыллаў. Егер шыпакер қан басымын түсириў ушын керекли дәрилер жазып берген болса, оларды өз ўақтында ишиў керек.
9. Дәўирлик шыпакер көригинен өтиў. Бул организмдеги унамсыз өзгерислерди ерте анықлаў ҳәм оператив илажлар көриў имканиятын береди.