Қарарға муўапық, төмендегилер шөлкемлестириледи:

  • Юридикалық шахс статусына ийе болған Қарақалпақстан илимий-әмелий медицина академиясы;
  • Академия қурамында илимий-изертлеў лабораториясы, оқыў-симуляция орайы ҳәм мийманхана.

Нөкис қаласында жайласқан мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес емлеў-профилактика мәкемелери Академияның клиникалық базасы есапланады.

төмендегилер Академия жумысының тийкарғы бағдарлары етип белгиленди, соның ишинде:

  • медицина кадрларын қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў;
  • диагностика ҳәм емлеўдиң жоқары технологиялық инновациялық усылларын әмелиятқа енгизиў;
  • телемедицина технологияларынан кең пайдаланыў ушин шараятлар жаратыў.

2025-2026-оқыў жылынан Академияда клиникалық ординатурада жоқары маманлықтағы медицина кадрларын таярлаў жолға қойылады.

2025-жыл 1-октябрьден Академияның жумысы толық жолға қойылады.