Бул ҳаққында Салық комитетиниң мәлимлеме хызмети мәлим етти.

Субсидияның ең көп бөлеги төмендеги аймақларға туўра келмекте:

Хорезм ўәлаяты - 2,4 млрд сум;

Қарақалпақстан Республикасы - 1,7 млрд сум;

Ташкент қаласы - 1,4 млрд сум.

Субсидияны "Салық" мобил қосымшасының "Кешбек ҳәм жеңилликлер" хызметиниң "Қуяшлы шаңарақ" бөлиминдеги "Картаға пул өткериў" айнасы арқалы банк картасына өткерип алыў мүмкин.

2023-жыл 1-апрельден "Қуяшлы шаңарақ" бағдарламасы шеңберинде шаңарағына қуяш панеллерин орнатқан физикалық тәреплерге қуяш панеллери арқалы ислеп шығарылған ҳәм бирден-бир электр энергетика системасына узатылған электр энергиясының ҳәр бир киловатт сааты ушын 1000 сумнан субсидия ажыратылыўы белгиленген.